2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик турмыстағы қатнасын тәмийинлеў ҳәм мәҳәллелерде «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў системасын және де жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленген.

Ҳәзирги ўақытта ӨзЛиДеП тиң «Ҳаял-қызлар қанаты» тәрепинен «Бир депутат – жүз ҳаял-қызға көмекши» жойбары шеңберинде усы бағдарда  бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутаты Н.Тлеўмуратов усы жойбар тийкарында райондағы Атамәкан мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы ҳаял-қызлардың машқалалары бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

– Районда ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў барысында анықланған машқалаларды сапластырыў бойынша әмелий илажлар өткерилмекте,-дейди Н.Тлеўмуратов. – Усы мәҳәлледеги Маманбий көшесинде жасаўшы Ж.Абулқасымова үй алды қыйтақ жеринде ыссыхана қурыў ушын жәрдем сорап мүрәжат етти.

Оның усы мүрәжаты бойынша тийисли мәкемелер менен сөйлесиўлер алып барылып, Халықбанктиң районлық филиалынан 20 миллион сум муғдарындағы жеңиллетилген кредит алып бердик.

Сондай-ақ усы мәҳәлледеги Айдын келешек көшесинде жасаўшы А.Тәжимуратова ҳәм Арал көшесинде жасаўшы Ф.Маңғытбаевалар депутаттан тигиў машинасын алыўда жәрдем сораған. Бул мүрәжат та өз шешимин тапқан.

Депутат тәрепинен Қ.Алламбергенов көшесинде жасаўшы А.Сейтпановаға да өз исбилерменлигин баслаўы ушын банктен кредит алыўында жәрдем көрсетилип, Халық банкиниң районлық филиалынан 21 миллион 100 мың сумлық кредит алыўында жәрдем көрсетилди. Ҳәзирги ўақытта А.Сейтпанова өз исбилерменлик жумысын жолға қойып, еки қызды жумыс пенен тәмийинлеген.

– Тигиўшиликке қызығыўшылығым бар еди. Бирақ, кийим-кеншеклерди тигиўим ушын тигиў машинам жоқлығы себепли, депутатқа мүрәжат еткен едим. Ол маған субсидия тийкарында тигиў машинасын алыўыма жәрдем берди. Ҳәзирги ўақытта үйде ҳәр қыйлы кийим-кеншеклер тигип атырман,-дейди Ф.Маңғытбаева.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги