14-сентябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң мирәт етиўине бола Қытай Халық Республикасы Баслығы мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.

Самарқанд халықаралық аэропортында Қытай жетекшисин мәмлекетимиз басшысы күтип алды.

Миллий нама-қосықлар, аяқ ойынлар атқарылды.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 15-сентябрь күнине белгиленген. Сол күни жоқары дәрежедеги Өзбекстан-Қытай сөйлесиўлери болып өтеди.

Бурын хабар берилгениндей, Қытай Басшысы 16-сентябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисине қатнасады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги