Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы жанында биринши мәрте әскерий театр-студиясы – “Туран” шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Қорғаныў министрлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.
Мағлыўматларға қарағанда, бул театр-студия тек ғана әскерий хызметкерлер менен олардың шаңарақ ағзаларына хызмет етип қоймастан, барлық пуқаралар ушын тамашалар шөлкемлестиреди. Оның қурамында Өзбекстанға хызмет көрсеткен ҳәм бирнеше жыллардан берли тамашагөйлердиң кеўлинен шығып киятырған тәжирийбели актёр ҳәм актрисалар бар.
“Туран” театры өзиниң дәслепки премьерасын 8-марттан кейин “Жалаладдин Мангуберди” атамасындағы спектаклинен баслаўды режелестирмекте. Сондай-ақ, театр репертуарынан “Бийбиханым”, “Тумарис”, “Бир күнлик бахыт” атамасындағы спектакльлер де орын алған.
Мағлыўматларға қарағанда, бул театр-студиясы усы жылдың 28-май ҳәм 2-июнь күнлери аралығында Арқа-батыс әскерий округи, яғный Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятына гастроль сапарына шығыўды режелестирмекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.