Беруний районындағы Сарайкөл мәкан пуқаралар жыйынында мәҳәлле белсендилериниң қатнасыўында руўхый-ағартыўшылық илаж өткерилди.

Илажда соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, әсиресе, Қарақалпақстан Республикасында исленип атырған дөретиўшилик жумыслар, соннан, жасларға ҳәм ҳаял-қызларға жаратылған имканиятлар туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманының әҳмийети атап өтилип, кең түрде түсиниклер берилди.

  • Пәрманда Қарақалпақстан Республикасының экономикалық тармақларында инновациялық процесслердиң жеделлесиўине ерисиў, ресурслардан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аймақты жедел раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларының бири сыпатында қаралған,-дейди ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Р.Юлдашева. – Әсиресе, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалардың белгилениўи, олардың жумыс пенен бәнт болыўы арқалы жәмийеттиң белсенди ағзаларына айланыўына қаратылған итибардың анық үлгиси болып есапланады.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги