Ҳәр кимди көрсең Қыдыр бил,

Ҳәр түнди көрсең қәдир бил.

 Ҳәким ата

 

Мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев Мойнаққа рәсмий сапарларынан биринде: «Мәденият Мойнақтан басланады». егер кимдур бизиң реформаларымызға гүман менен қараса, Мойнаққа келип кѳрсин. Мойнақ халқына сабыр-қәнааты, ўатансүйиўшилиги, мийнеткешлиги ушын рахмет айтыўымыз ҳәм оған мүнәсип хызмет кѳрсетиўимиз бәрше ис-ҳәрекетлерден гѳзленген баслы мақсетимиз еди, – деп атап ѳткен еди [1].

Президентимиздиң  бул жерге келген бир неше сапарларынан кейин, аймақта алып барылып атырған қурылыс ҳәм абаданластырыў ислери және де жанланып, Мойнақ және де кѳркемлесип, халық параўанлығы жоқарыламақта.

Шынында да, ғәрезсизликке ерискен жылларымыздан баслап, миллий қәдириятларымызға, ата-бабаларымыз мийрасына айрықша итибар ҳәм дыққат қаратыла басланды. Нәтийжеде кѳплеген әўлийе ҳәм уламаларымыздың бай мәдений мийрасы қайтадан тикленди ҳәм шығармалары баспадан шығарылды.

Уллы ата бабаларымыз қатарында суфизм тарийхында терең из қалдырған, «Мәдийнада Муҳаммед – Түркистанда Хожа Ахмет» деп түркий мусылман дүньясына белгили болған Ахмет Яссаўийдиң қолында тәлим алыўға барған ҳәм тапқырлығы, алықлығы себепли ҳәзирети Яссаўий тәрепинен «ҳәким» («данышпан») лақабына сазаўар болған, пүткил түркий мусылман дүньясында Хожа Ахмет Яссаўийден кейинги әўлийе сыпатында тән алынған ҳәм даңқы шыққан данышпан бабамыз Сулайман Бақырғаний бизиң уллы жерлесимиз есапланады.

Сулайман Бақырғаний (шағатай. Сулейман-Ата, Хаким-Хожа)[2] — түрк әўлийеси, суфизмниң әпсанаўий шайығы, ислам динин Орта Азияға кең ен жайдырыўшы есапланады. Ол он бес жасында Хожа Ахмет Яссаўийдиң (Ҳәзирети Султан) ең талантлы, билимли шәкиртине айланады, Яссавия тәлийматының 4-халифасы сыпатында тарийхтан орын алған.

Сулайман Бақырғаний ѳмири ҳәм дѳретиўшилиги бойынша илимий изертлеўлер алып барылып, 2002-жылы ѲзИА ҚҚБ Тарийх, археология ҳәм этнография институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Қоңырат районы ҳәкимлиги менен биргеликте Сулайман Бақырғанийдиң 880-жыллығы мүнәсибети менен «Сулайман Бақырғаний ҳәм оның дәўири» Республикалық илимий-теориялық конференция болып ѳтти.

Сондай-ақ, 2018-жылы Бердақ миллий музейинде «Уллы данышпанның ибратлы ҳикметлери» атамасында Республикалық кѳлемде илимий-әмелий конференция болып ѳтти.

Мәмлекетимиз Президенти Ш.М.Мирзиёев 2022-жыл февраль айында Қарақалпақстанға сапары ўақтында  мәденият тараўына тийисли айырым усынысларын билдирип, Мойнақ районы аймағында Хожа Ахмет Яссаўийдиң шәкирти, суфизм тәлийматының белгили ўәкили Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний маҳбарасы жайласқан болып, 2022-жыл Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң 900 жыллығына араналған халық аралық конференцияны шѳлкемлестириў, оның махбарасын абад етиў ҳәм шығармаларын баспадан шығарыў бойынша ўазыйпа белгиленген еди[3].

Уллы бабамыз Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата ҳикметлериндеги, «Меражнама», «Ақырзаман муҳәммасы», «Биби Мәрьям», «Сабыт ҳикаяты» сыяқлы дәстанларындағы ҳадаллық, адамгершилик, саўап, дослық, меҳир-муҳаббат, мийрим-шәпаат, пәклик, қәнаат, инсап, ийман, сабырлылық ҳәм мийнет ҳаққында даналық пикирлери бүгинги күнимизде де ѳз әҳмийетин жойтқан жоқ.

Бабамыздың әкесиниң аты Бужи Хожа Малик, анасының аты Улығпашша. Зайыбы Бақырған журтының ҳүкимдары Буўраханның генже қызы – Әнбар ана (1151-жылы туўылған) 98 жас ѳмир кѳрген, қәбири Ташкент ўәлаятының Зәңги ата районында жайласқан. Ҳәким атаның ўәсияты менен оның шәкирти Айхожа ибн Тажхожа – Зәңги атаға (1161-1258) турмысқа шыққан ҳәм қәйненеси Улығпашша қасына жерленген. Бужи хожа Мәликтиң қәбири белгисиз.

Олардан үш перзент болған: туңғышы Маҳмуд (1166-жылы туўылған, қайтыс болған жылы намәлим) қәбири Самарқанд ўәлаятының Қошрабат районы, Жўш аўылында жайласқан. Ортаншысы Асқар хожа (1168-жылы туўылған, қайтыс болған жылы намәлим) қәбири Гѳне Үргенште. Генжеси Ҳүбби хожа әкеси сыяқлы атақлы суўпый ҳәм шайыр болған. Туўылған ҳәм қайтыс болған жыллары 1170-1190 жж. Тымсалый қәбири Қанлыкѳл районы, «Бала шейит» қойымшылығында.

Зәңги атаның кѳплеген суўпылары, ықласбентлери ҳәм шәкиртлеринен бири Саййид ата (шама менен 1135-1225 ж.) устазының устазы Ҳәким атаға ғайыптан шексиз ықлас ҳәм исенимде болған, ол «бил оҳир ѳмирден кѳз жумсам, денемди ол ҳәзиреттиң аяғының ушына қойыңлар» – деп нәсият еткен, сонлықтан олардың махбарасы бир жерде жайласқан[4].

Сулайман Бақырғаний – Ҳәким атаның ѳмири ҳаққындағы дәслепки мағлыўматларды «Бақырған китабы», 1898-жылы З.Г.Залеман тәрепинен жәрияланған «Ҳәким ата ҳаққында аңызлар», оның қосықлары ҳәм хикметлери ҳаққында Абдурахман Жәмийдии “Нафакат ал-Унс мин хадарат ал-кудс”, Фахриддин Әлий ибн Хусейн Кашифийдиң (146315311503-жылы жазылған «Рашахат айн әл-хайат»[5], Алишер Науайының «Насаим ул-Мухаббат» шығармаларынан кѳриўимизге болады.

Сондай-ақ «Тазкира-и Хәкийм ата», «Хикайати Хәкийм ата» ямаса «Хәкийм ата рисаласы» деген атлар менен белгили болған Ҳәким ата ҳәм оның жақынлары ҳаққында дѳретилген аноним шығарма илимий фондларда ҳәм халық арасында сақланған.

XIX – әсирде жасаған Хорезмлик суўпы Аллаяр Худайберди улы әл-Маҳзун тәрепинен жазылған илимий орталыққа онша белгисиз болған Хорезм ҳәм Қарақалпақстандағы суфизм тарийхын сѳз ететуғын, 1892-1896 жыллары жазылған «Рийад аз-Закирин» (Алланы еслеўшилер бағы) деп аталған шығармасының 2-бѳлиминде бир неше суфизм ўәкиллери қатарында Ҳәким ата ҳаққында да ѳз алдына айтып ѳтиледи.

Cондай-ақ, В.Н.Басиловтың жазып алған түркмен шежиресинде Сулайман Бақырғаний «Кутб ал-актаб» деп тәрийпленеди, бул суфизм тәлиматында ең жоқары атақ болып есапланады.[6]  Саййид ата Ҳәким ата мазарын қорықлаўшысы сыпатында дереклерде келтириледи.

Венгер илимпазы Армений Вамбери ѳзиниң 1861-жылғы Орта Азияға шѳлкемлестирген саяхатында Қоңыратлы Исҳақ молла менен биргеликте ѳткерип, оның жәрдеми менен Қоңырат ҳәм оның әтирапынан тарийхый ҳәм этнографиялық материаллар жыйнайды ҳәм соңынан ѳзи менен бирге оны Европаға алып кетеди. Вамбери 1864-жылы жәриялаған «Орта Азия бойлап саяхат» шығармасында келтирилиўинше, Ҳәким ата Қоңыраттан онша узақта емес Арал теңизи тәрепинде жайласқан.[7]

XVI әсир шайыры Кул Шарифтиң лиро-эпикалық «Қыссайи Ҳүбби Хожа» атлы китабы 1899-жылы Қазан университети тәрепинен жәрияланып, Ҳәким ата ҳәм оның шаңарағы бул шығарманың баслы қаҳарманлары сыпатында айтылады[8].

Бақырғаний қосықларының мотиви башқурт шайырларының (Ш.Заки, А.Каргалы, М.Кутуш-Кыпсаки, Х.С.Салиханов ҳ.т.б.) дѳретпелеринен де орын алған.[9]

Жәҳәнге белгили башқурт шығыстаныўшысы Зәкий Ўәлий Тоған (1890 -Башқуртстан, 1970-Түркия) 1920-жылдың гүзинде Қоңыратқа келген ҳәм ѳзиниң «Воспоминания» (Москва-1997) китабында тѳмендегише мағлыўматлар жазып қалдырады:

«Қоңырат Хийўа ханлығының сорамындағы ўалаят орайы, бул киши қала болыўына қарамастан Герменияның Гамбург, Англияның Манчестер, Қытайдың Шанхай қалалары киби картада аты бар қала. Араблардың географиялық картасында X әсирде бул қала Бақырған деп аталады. Ол ҳәзирги Қоңыраттың арқа-батысындағы аўыл. Бул жерде белгили шайық, уллы суўпый шайыр Ҳәким ата-Сулайман Бақырғанийдиң махбарасы бар. Ол бизге түркий тилде қосықлар жазып қалдырды. 1857-жылы Ҳәким атаның «Бақырған китабы» дәслепки мәрте Қазанда басылып шығады. Бақырғанда бир саат тоқталғанымыздан пайдаланып, мен әзиз тулғаның қәбирин зиярат еттим»[10].

Академик С.Камаловтың жазыўынша, Ҳәким ата Сулайман Бақырғаний ѳзиниң «Бақырған китабы», «Биби Мәрьям китабы», «Қыссайы Ибраҳим Халил», «Ақырзаман китабы» ҳәм басқа шығармалары сол дәўирдиң ѳзинде-ақ Маўараннахр, Дәшти Қыпшақ ҳәм Волга бойларына кең таралған. Сулайман Бақырғаний қарақалпақлардың қәлиплесиўинде үлкен әҳмийетке ийе болған этникалық орталықтан шыққан шахс болып есапланады [11].

Түркий тиллес халықлардың тарийхын жетик билген атақлы орыс илимпазы академик А.Н.Самойлович «Хорезмнама»дан еки үзинди» деген мийнетинде: «Хийўалы ѳзбеклердиң ураны «Я, ҳәзирети Палўан! Я, Шәҳимардан!» болса, қарақалпақлардың урына «Я, ҳәзирети Ҳәким ата!» – болып есапланады», – деп жазған еди[12].

«Бақырған китабы» ХIХ әсирде бир неше ирет баспадан шығарылған. 1848 ҳәм 1898-жыллары Қазан  қаласында жарық көрген Сулайман Бақырғанийдиң «Бақырған китабы» 1991-жылы Ташкентте «Ёзувчи» баспасында елимизде биринши мәрте әдебияттаныўшылар И.Ҳаққулов ҳәм С.Рафиддиновлар тәрепинен баспадан шығарылады.[13]

1898-жылы Император илимлер  академиясында оның өмирине байланыслы 11 рәўият, әпсана жәмленген «Ҳәким ата китабы» (белгили шығыстаныўшысы К.Г.Зелман тәрепинен) шығарылған басылым Ашпулат Жаббаров, Хожамурод Жаббаровлар тәрепинен сөз басы жазылып 1993-жылы Қаршыда «Насаф» баспасында қайта шығарылады.

1997-жылы Қарақалпақстанлы илимпаз Қырқбай Байниязовтың Нѳкисте, «Ҳәким ата-Сулайман Бақырғаний бизиң уллы жерлесимиз», Жаббарберген Шамуратовтың 2002-жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Ҳәким ата Хожа Сулайман Бақырғаний» атамасындағы китаплары басылды.

Сондай-ақ, 2011-жылы Тожи Қораев ҳәм Абул Бозоровлар тәрепинен Ахмет Яссаўий ҳәм Сулайман Бақырғанийдиң ҳикметлери топламы баспадан шығарылады [14].

Ийгиликли ислер қатарында Өмирбай Ембергенов ҳәм Жапақ Шамуратовлардың авторлығында «Сулаймон Боқирғоний (Ҳоким ота)» китабы 2015-жылы шығарылып, ол ѳзиниң мағлыўматларға байлығы менен дыққатқа ылайық болды.[15]

2018-жылы Жаббарберген Шамуратов ҳәм Шәригүл Пайзуллаевалардың таярлаўында Ҳәким ата Сулайман Бақырғанийдиң ҳикметлери «Қарақалпақстан» баспасында жарық кѳрди.

2021-жылы Ѳмирбай Ембергенов ҳәм Жаббарберген Шамуратовлардың авторлығында «Сулайман Бақырғаний Ҳәким ата» атамасындағы китап қарақалпақ тилине аўдармаланып, толықтырылып Ташкент «Ёш авлод матбаа» баспасында қайта шығарылды.

Дереклерде Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата қоныс басқан орны ҳәм елаты бойынша мағлыўматлар гезлеседи, деген менен археологиялык изертлеўлер усы ўақытқа шекем алып барылмаған еди. Бул дереклерге археологиялық изертлеўлер нәтийжесинде анықлық киритиў мақсетинде, 2021-жылдың бәҳәринен баслап Тарийх факултети археологлары тәрепинен Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата естелигинде археологиялық қазып изертлеў жумыслары алып барылып, оған археология кафедрасы баслығы, доцент, т.и.к. Ж.Ҳәкимниязов, т.и.к., доцент. М.Төребеков, үлкен оқытыўшы С.Сайпов, ассистент-оқытыўшы М.Толыбаевлар басшылық етти.

Ийгиликли ислер қатарында Сулайман Бақырғаний мемориаллық комплексиниң қубла-шығыс тәрепиндеги дәрўазасына жақын жайласқан мәкан орында қазыў изертлеў жумыслары даўам еттирилип, Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата жасаған дәўирге тийисли қурылыс (илимпазлар пикири бойынша Жума мешити деп болжанбақта) излери анықланды. Бул қурылыс орны Сулайман Бақырғаний – Ҳәким ата махбарасының қубла мүйешинен 130 м. қубла-шығысында жайласқан.

Қосымша жаңалық қурылыс гербишлери ылай гезинде қол бармақлары менен ойып түсирилген ҳәр түрли белгилерге ийе болып, схематикасы бойынша бир таяқ, қос таяқ, үш таяқ, төрт таяқтан ибарат болып, олардың айырымлары гербиштиң үстиңги бөлегиниң бир капталында, шетинде ҳәм диагоналына түсирилип, тигине, кесесине, ярым шеңбер, «П» тәризли, «Т» тәризли, «Х» тәризли, биразлары сүйир тәризли болып та келеди. Сондай-ақ, орайлық бөлиминде айланасына ҳәр бири он ноқаттан ибарат болған еки шеңбер тәризли белгилер де ушырасады.  Бул белгилер әлбетте оны ислеп шығарыўшы устаның ямаса белгили бир руў ўәкиллерине тийисли болса керек, -деп болжанбақта.

Және де, №2 қурылыс (Изертлеўшилер пикири бойынша жазғы мешит орны деп болжанған) қалдығы анықланып, оның дийўаллары пискен гербиштен  ѳрилген ҳәм ени 90 см, бийиклиги 35 см. меҳраб орны анықланды. Қурылыстың орайлық бѳлиминде көриниси шахмат тасына уқсас еки база колонна анықланып, олардың екеўи де пирамида тәризли кѳриниске ийе.

Сулайман Бақырғаний мемориаллық комплексиниң арқа-батыс тәрепиндеги ески сай (500 метр аралықтан) бойының үстиңги қатламынан ХI-ХIV әсирлерге тийисли керамика буйым бөлеклери ҳәм шише қалдықлары табылды.

Улыўмаластырып айтқанда, бул табылған өжирениң гербишлери хронологиялық жақтан Хорезмшахлар ҳәм Алтын Орда дәўирине тән болып, олар ХII-ХIV әсирлер менен яғный, Сулайман Бақырғаний жасаған дәўир ҳәм оннан кейинги дәўирлер менен сыбайласады.

Ҳәким ата – Сулайман Бақырғанийдиң әжайып мийрасларының тоғыз әсирден берли өзиниң қунын жоғалтпай, халқымыз тәрепинен қәстерленип сақланып киятырғанлығының да сыры мине усылардан ибарат болса керек.

Ҳәким ата – Сулайман Бақырғанийди ѳтмиш бабаларымыз «ақылы кәмил», «мәрийпалы шәмил», «шукранаи неъмати илаҳий»дан тәлим үйреткенлиги ушын ҳәм де «лутфу мурувват», «иззати мутавозе», «ахлоқи ҳамида», «сидқу садоқат»ты улығлағаны себепли әсирлер даўамында елдиң меҳрине ерискен ҳәм буннан кейинде ерисежақ.

  Ж.Ҳәкимниязов, ҚМУ Археология кафедрасы баслығы
  С. Сулайманов, Археология кафедрасы доценти
  М.Толыбаев Археология кафедрасы оқытыўшысы

 

[1] «Халқ сўзи» газетаси, 2018 йил, 18-ноябрь, № 237 (7195) Жума, 1-б.

[2] Бартольд В. В. Хаким-Ата // Сочинения. — М.: Наука, 1964. — Т. II (2). Работы по отдельным проблемам истории Средней Азии. — С. 532. — 657 с. — 5250 экз.

[3] Ѳзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында 25-февраль күни ѳткерилген 16-санлы баянламасы (07.03.2022-ж, 01-РА 1-3163-сан). 133-пункты.

[4] Камараддин Эшон Маҳаммед Карим Эшон уғли. Комилжон Дурди Қилич ўғли. Тазкиратул авлиё ёхуд Хоразм диёрида мадфун бўлган авлиёлар зикри. Ургенч. 1997. 10-бет.

[5] Бахревский Л. Сулейман Бакыргани // Татарский мир : газета. — М., 2010. — № 1 (6312). — С. 4—5.

[6] Басилов В. Н. О происхождении туркмен-ата (простонародные формы среднеазиатского суфизма) // Домусульманские верования и обряды в Средней Азии. — М.: Наука, 1975.

[7] Арминий ВамбериПутешествие по Средней Азии. — М.: Восточная литература, 2003. Архивная копия от 26 марта 2013 на Wayback Machine

[8] Миннегулов Х. Благородный Кулшариф.

[9] Шарипова З. Я. Бакыргани Сулейман, Хаким-Ата // Башкир энциклопедиясы: 7-том /Бас. ред. М. А. Ильгамов. — Уфа: НИ «Башкир энциклопедиясы», 2005. — Т. 1. А—Б 624-б.

[10] Зәкий Ўәлий Тоған «Воспоминания», Москва-1997, стр. 107.

[11] Ахмет Яссауий. Хикметлер. Ташкент, 1991. 23-бет.

[12] Записки Восточного отделения Императорского русского археологического общества. Санкт-

Петербург, 1909, том 19, выпуск 1, с. 83.

[13] Боқирғон китоби. -Тошкент. «Ёзувчи», 1991.

[14] Аҳмад Яссавий, Сулаймон Боқирғоний. Ҳикматлар куллиёти. – Т. «Ўзбекистон», 2011.

[15] У.Ембергенов., Ж.Шомуродов. «Сулаймон Боқирғоний (Ҳаким ота)» – Т. «Ўзбекистон», 2015.