2-март күни Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалы Шымбай академиялық лицейинде  «Китаплар ярмаркасы»  өткерилди. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Онда қатнасқанлар жаңадан шыққан китаплар менен танысты. Илажға Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, «Тынышлық сақшысы» газетасының редакторы, шайыр Ж.Өтениязов, белгили журналист А.Турекеевалар қатнасты. Дәслеп мийманлар лицейде Өзбекстан Қаҳарманы, шайыр И.Юсуповқа арналған музейди көзден өткерди.

  

Илаж соңында оқыўшылар жазыўшы ҳәм шайырлар менен ушырасып, өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, оларға жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги