Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласында болып атырған дүнья мәмлекетлери парламентлери ҳаял басшыларының саммити шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Түркменстан Миллий Кеңеси Мәжлисиниң Баслығы Гулшат Маммедованы қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы беккем дослық ҳәм жақсы қоңсышылық, исеним ҳәм стратегиялық шерикликке тийкарланған қатнасықлардың бүгинги жоқары дәрежесин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

ӨзА