Быйылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамы «Әзиз ўатанласлар, ҳәр күниңиз Наўрыз болсын!» деген идеяны өзинде жәмлестирип, елимизде усы байрамға таярлық жумыслары басланып кетти. Ташкент қаласында болып өтетуғын байрам сейиллерине қатнасыў ушын алып барылып атырған таярлық жумыслары ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигиниң мәденият мәкемелери хызметлерин шөлкемлестириў бөлиминиң баслығы Әдилбек Сейтов былай дейди:

– Быйылғы байрам тамашаларының өзгешелиги сонда, оны халық сейиллери тәризинде өткериў режелестирилмекте. Ташкент қаласына фольклор-этнографиялық топарлары менен ансамбльлер, белгили көркем өнер хызметкерлери, ҳәўескер қосықшы ҳәм сазенделер, бақсылар қатнасыўы күтилмекте. Сондай-ақ, қара үй алдына қарақалпақ халқының миллий тағамларынан ибарат дастурхан жайылады. Жергиликли өнерментлердиң көргизбесин қойыў да режелестирилмекте. Бақсы, жыраў, қыссахан ҳәм фольклорлық ансамбльлердиң театрластырылған байрам тамашалары қойып бериледи. Байрам бағдарламасынан және қарақалпақ миллий ойынлары – «асық ойын», «бектас», «арқан тартысыў», «палўанлар гүреси», «қораз урыстырыў» сыяқлы спорт ойынлары да орын алған. Сондай-ақ, халқымыздың миллий үрп-әдет, дәстүри есапланған «Қыз узатыў», «Бет ашар», «Бесик тойы», «Тусаў кесиў», «Айдар той» сыяқлы театрластырылған бағдарламаларды көрсетиў ушын қызғын таярлық көрилмекте.

Мағлыўмат ушын соны да атап өтиў керек, быйылғы Наўрыз байрамы тамашаларына республикамыздан қатнасатуғын ўәкиллер Ташкент қаласындағы «Наўрыз» бағы, «ӨзЭКСПО» орайы ҳәм «Ашхабад» бағында болып өтетуғын халық сейиллерине қатнасыўы режелестирилген.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.