Қытай Халық Республикасының басшысы Си Цзиньпин мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келеди. Бул оның пандемиядан соң сырт елге биринши мәмлекетлик сапары болып есапланады.
Қытай басшысы, сондай-ақ, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми мәмлекет басшыларының Самарқанд саммитине де қатнасады. Бул турне шеңберинде Қазақстанға да барады.
2019-жылдан, яғный коронавирус карантинен берли биринши мәрте Самарқандта ШБШға ағза мәмлекетлер лидерлери жыйналып, жүзбе-жүз ушырасады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги