Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 5-сентябрь күни тийкарғы азық-аўқат өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм резервин жаратыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Дүньяда климаттың өзгерип атырғаны, көп жерлерде қурғақшылық болғаны ақыбетинде азық-аўқат жетиспеўшилиги бақланбақта. Буның үстине, халықаралық майдандағы жағдай себепли өнимди ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў қыйын болып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге бурын да итибар қаратып, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў жолларын көрсеткен еди. Атап айтқанда, жылдың басында 80 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданлары қысқартылып, азық-аўқат өнимлерин жетистириў ушын халыққа ажыратып берилди. Буның нәтийжесинде 785 мың адам жумыс пенен тәмийинленип, 3 триллион сум муғдарында 1 миллион 500 мың тонна қосымша азық-аўқат өними алынды.

Бул жумысларды даўам еттириў мақсетинде халқымыздың ырысқы-несийбеси ушын және 20 мың гектар жер ажыратыў бойынша Президент қарары қабыл етилди. Келеси жылы және қосымша 100 мың гектар егислик майданы халыққа таңлаў тийкарында бериледи. Буның есабынан қосымша 1 миллион 200 мың халықты бәнт етиў мүмкин болады.

Мәжилисте тийкарғы азық-аўқат өнимлерине талап аймақлар кесиминде талланып, ишки имканиятлар көрсетип өтилди.

Мәселен, мәмлекетимизде картошкаға болған жыллық талап 3 миллион 400 мың тоннаны қурайды. Соннан 20-25 проценти импорт есабынан қапланбақта. Соның ишинде, Қарақалпақстанға жылына қосымша 100 мың тоннаға шамалас, Наўайы ўәлаятына 45 мың тонна, Жиззақ ўәлаятына 35 мың тонна картошка жетиспейди.

Ямаса, өсимлик майына жыллық талабымыз 515 мың тонна болып, оның 46 проценти сырт елден алып келинбекте. Елимиздеги май кәрханалары болса толық қуўатлылықта ислемей атыр.

Улыўмаластырып айтқанда, ишки базарда 25 түрдеги азық-аўқат өнимлери тәмийнаты импортқа байланыслы болып қалмақта. Сол себепли Аўыл хожалығы министрлигине ҳәкимликлер менен бирге бул өнимлерди өзимизде ислеп шығарыў бойынша жойбарлар таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Елимизде азық-аўқат өнимлери баҳасының мәўсимлик өзгерислери де сезилерли. Себеби, аўыл хожалығына қәнигелескен 50 районда музлатқышлы қоймаханалар жетиспейди. Улыўма етип айтқанда, бүгинги күнде сақлаў қуўатлылықлары 1,5 миллион тоннаны қурап, жәми жетистирилип атырған өнимлердиң 7 процентине де жетпейди. Бул әлбетте «баҳаның ойнаўы»на тәсир етеди.

Соннан келип шығып, ўәлаят ҳәкимлерине усы 50 районда сақлаў қуўатлылықларын кескин арттырыў бойынша тапсырма берилди.

Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын раўажландырыў агентлигине азық-аўқат өнимлери майданын 300 мың гектарға жеткериў, егинлерди халықтың талабы ҳәм импортты таллаўдан келип шығып ақылға уғрас жайластырыў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы видеобайланыс арқалы орынлардағы жуўапкерлер, исбилермен ҳәм дийқанлар менен сәўбетлести. Атап айтқанда, қашқадәрьялы ҳәм ферғаналы дийқанлардың қаржы мәселелерин жеңиллетиў бойынша пикирлерин қоллап-қуўатлады. 15-сентябрьден баслап, ҳәким жәрдемшилериниң усынысы бойынша, овощ, собықлы ҳәм майлы егинлер бойынша туқым, төгин, жанар май, өсимликлерди қорғаў ҳәм айланыс қаржы ушын 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратыў жолға қойылатуғыны белгиленди. Бул қаржылардың ярымын нақ пулда ажыратыўға да рухсат бериледи. Буның ушын Бағшылық агентлигине қосымша 300 миллиард сум ажыратылады.

Мийўе-овощты кредитлеў бойынша да жаңа система енгизиледи. Енди картошка, овощ, май егинлерин егетуғын кластер ҳәм дийқанларға өнимди қамсызландырыў қәрежетиниң 50 проценти мәмлекет есабынан қаплап бериледи. Буннан былай пахта ҳәм ғәлледеги сыяқлы азық-аўқат өнимлерин жетистириўде де қамсызландырыў полиси кредит тәмийнаты есапланады. Бул жаңалық көплеген дийқанлардың жумысын әпиўайыластырады.

Өнимлердиң мол болыўы сапалы туқымға да байланыслы. Бүгинги күнде мәмлекетимиз бойынша ҳәр жылы 300 мың тонна картошка, 6 мың тонна собықлы ҳәм 11 мың тонна майлы егинлер туқымын таярлаў зәрүр.

Бул бағдарда жақсы тәжирийбелер да бир талай. Мәселен, Самарқанд ўәлаяты Ақдәрья районында исбилерменлер 450 центнерге шекем өним беретуғын элита картошка туқымын жетистирмекте.

Президентимиз бул тәжирийбени кеңейтип, жеке меншик сектор менен бирге, собықлы ҳәм майлы егинлер туқымгершилигинде де жолға қойыў зәрүр екенин атап өтти.

Ҳәр бир ўәлаятта кеминде биреўден интенсив овощ нәл жетистириў хожалығын шөлкемлестириў, өнимдарлы жерлердиң ҳәммесин интенсивке өткериў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте қыс-бәҳәр айларында мийўе-овощлардың баҳасын турақлы сақлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды.

Өнимлерди сақлаў ҳәм тасыў имканиятларын кеңейтиў ушын жүк машиналары, сайлап алыў ҳәм қадақлаў үскенелерин сатып алыўға да жеңиллетилген кредит ажыратыў усынысы билдирилди.

Президентимиз бул усынысты қоллап-қуўатлады. Бул мақсет ушын коммерциялық банклерге 140 миллион доллар ажыратылғаны, және 330 миллион доллар қаратыў имканиятының бар екени атап өтилди.

Агрологистика жойбарларында жүк автомобильлерин сатып алыўды да нәзер де тутыў, ыссыхана ийелерине жеңилликлер бериў әҳмийетли екени атап өтилди.

«Агролизинг» акционерлик жәмийетин трансформациялап, дийқан ҳәм фермерлерге финанслық жәрдемши болатуғын системаға айландырыўға көрсетпе берилди.

«Қыйтақ жерди раўажландырыў бағдарындағы жумыслар да көрип шығылды. Көшпели музлатқышлар ушын жер майданларын ижараға бериў мүддетлерин созыў, халыққа өсимликлерди қорғаўда жәрдемлесиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы орынларда көзбоямашылықлар, қосып жазыў жағдайлары ушырасып атырғанын кескин сынға алып, тараў жуўапкерлерин ескертти.

Азық-аўқат өнимлерин көбейтип, халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, фермер ҳәм дийқанлардың бул бағдардағы машқалаларын шешип, оларға жәрдемлесиў тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди.

ӨзА