Академиялық дем алыс алыўды қәлеген студентлер өзиниң қәлеўине қарай академиялық дем алыс мүддетине билимлендириўдиң сыртқы ҳәм аралықтан оқыў түри өткерилип (егер жоқары оқыў орнында бундай билимлендириў түри бар болса), оларға үзликсиз еркин билим алыў имканияты жаратылады.

Шаңарағының бийтап адамына қараў себепли дәстүрий тәриздеги билимлендириўди даўам еттириў имканияты болмаған студентлер де академиялық дем алыс алыўы мүмкин.

Академиялық дем алыстан қайтқан студентлер алдын өзлери өзлестирген пәнлер бойынша қайта оқытылмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги