21-август күни Саудия Арабстанының Жидда қаласында профессионал бокстиң супер аўыр салмақ категориясында WBA, WBO, IBF ҳәм IBO белбеўлери ийеси Олександр Усик британиялы Энтони Жошуа менен өз-ара бокс ушырасыўын өткерди.

Беллесиўдиң үлкен бөлими украиналы боксшиниң үстинлигинде болып өтти ҳәм ушырасыў соңында беллесиўди баҳалап барған үш төрешиниң екеўи Усиктиң жеңиске ерискенин тастыйықлады. Ал, бир төреши болса, Жошуаның пайдасына қарар шығарды.

Солай етип, әмелдеги чемпион Олександр Усик өзиниң чемпионлық белбеўин табыслы қорғап қалды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы