«Миллият» газетасына интервью берген Әдиллик министри Бекир Боздаг Түркияда өтетуғын президентлик сайлаў күнин анық айтты.
«Кейинги жылдың 18-июниндеги сайлаўларда әмелдеги Президент Режеп Таййип Эрдоған өзиниң кандидатурасын қояды. Бул болса оның президентлик сайлаўға екинши мәрте қатнасыўы болады».
Ҳүкимран Әдалат ҳәм раўажланыў партиясы бурыннан Эрдоғанның кандидатурасын жәриялаған еди. Алты сиясий партиядан ибарат қарсылас блок еле өзиниң талабынан көрсетпеди.
Қарсы тәреплер алдынырақ Эрдоғанның екинши мәрте президентлик сайлаўларға қатнаса алмайтуғыны ҳаққында сын пикир билдирген еди. Әдиллик министри буған өзиниң пикирин билдирип, түсиник берген еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги