Кеше Түркияның Конья қаласында  V Ислам тилеклеслиги ойынлары өз жуўмағына жетти.

Онда  51 алтын, 42 гүмис ҳәм 65 қола медальлларын қолға киргизген Өзбекстан сайланды командасы спортшылары улыўма комадалық есапта Түркия сайлнады командасынан кейин екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Күшли беслик командалар арасында Иран, Әзербайжан ҳәм Қазақстан мәмлекети делегациясын көриўимизге болады.

Ал, Қырғызстанлы спортшылар болса, 8 алтын, 8 гүмис ҳәм 15 қола медалы менен 9-орынды ийеледи.

Соның ишинде айрықша атап өтиўимиз керек, мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы көркем гимнастика бойынша Шахзада Ибрагимова, Наргиза Джуманиязова, грек-рим гүресинен Жалғасбай Бердимуратов, дзюдо бойынша Нилуфар Ермаганбетовалар алтын, ҳаял-қызлар гүресинен (еркин гүрес) Ақтеңге Кеўнимжаева, қылышласыў спортынан Зайнаб Дайыбекова, Айсулыў Уснатдиновалар гүмис,  ҳаял-қызлар гүресинен (еркин гүрес) Дилфуза Айымбетова, дзюдо бойынша Шарафатдин Балтабаев, сабляшы Шерзад Мамутов, Муса Аймуратов ҳәм Ислам Абдазовлар қола медальларын жеңип алыўға миясар болды.

Енди бул спортшылар ҳәм олардың тренерлери бир мәртелик ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Атап айтқанда, усы жарысларда алтын  медальды қолға киргизген спортшылар 5 мың, гүмис ҳәм қола медальларын ийелегенлер 3 мың ҳәм 2 мың АҚШ доллары менен, спортшыларды таярлаған тренерлер болса, медальлар көрсеткишине сәйкес 2,5 мың, 1, 5 мың ҳәм 1 мың АҚШ доллары менен сыйлықланатуғын болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы