Россияның Вашингтондағы елшиханасы Ақ үй ҳәм АҚШ Мәмлекетлик департаментинен сыртқы ислер министри Сергей Лавров ҳәм делегацияның басқа да ағзаларына Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының сессиясына барыўы ушын кириў визасын бериўди сорады.

Бул ҳаққында Россия елшиси Анатолий Антонов «Rossiya24» телеканалаында мәлим етти.

Елшиниң атап өтиўинше, «дипломатиялық миссия АҚШ илажға қатнасатуғын Россия ўәкиллериниң кириўине тосқынлықты тоқтатыўды талап ете береди».

«Өзим де, Мәмлекет департаментине барып, делегациямыздың сентябрьде Нью-Йоркта болып өтетуғын БМШ илажына қатнасыў бойынша жүзеге келип атырған машқаланы көтеремен», деди Антонов.

БМШ Бас ассаммблеясының жоқары дәрежедеги ҳәптелиги 20-26-сентябрь күнлери ашық сөйлесиў форматында болып өтеди. Избе-из еки жыл COVID-19 пандемиясы себепли илажлар видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги