Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслиги ойынларында 17-август күни Өзбекстан сайланды командасы ағзалары бир қатар спорт түрлери бойынша жеңимпазлықты қолға киргизиўге миясар болды.

Атап айтқанда, каратэ бойынша Садриддин Сайматов, жүзиў бойынша Алексей Тарасенко ҳәм  4х100 аралас эстафета жарысларында қатнасқан сайланды команда ағзалары алтын медальларды қолға киргизген болса, спорт гимнастикасында Дилдора Арипова жекке беллесиўлерде, Оксана Чусовитина, Дилдора Арипова ҳәм Амина Халиловалар ибарат командалық жарысларда, кикбоксшилер Назарбек Маҳмудов, Жамолиддин Насиров, Фахриддин Эминов, Наврўз Жуманазаров, жүзиўши Хуршиджан Турсунов 100 метрге еркин усылда, рапирашы қызларымыз  командалық беллесиўлерде гүмис медальларды жеңип алды.

Сондай-ақ, кикбоксши  Нурбек Урушбоев, шпагашы қызларымыз ҳәм сабляшы жигитлеримиз өз қарсыласларын жеңип шығып, қола медалы менен сыйлықланыўға миясар болды.

Соныда  айтып өтиўимиз керек, сабляшы жигитлер командасы қурамында қатнасқан қарақалпақстанлы  Исламбек Абдазов, Муса Аймуратов, Шерзод Мамутовлар жеңимпазлар қатарынан орын алыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы