Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслиги ойынларында Өзбекстан сайланды командасы спортшылары табыслы қатнасыўын даўам етпекте.
Атап айтқанда, бүгин 7 спорт түри, қылышласыўдың сабля бағдары бойынша жигитлеримиз ярым финальда, рапирашы қызларымыз финальда, Хуршиджан Турсунов ҳәм Алексей Тарасенко 100 метрге еркин, Сетора Одилова болса 200 метрге брасс усылында жүзиў бойынша финаль, баскетболшыларымыз ярым финальда беллесиўлерге түседи.
Сондай-ақ, бүгин Оксана Чусовитина жетекшилигиндеги спорт гимнастикашы қызларымыз, каратэ, кикбоксинг, оқ жайдан оқ атыўшы спортшыларымыз да жарысларда медальлар ушын гүрес алып барады.
Қарақалпақстанлы спорт жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, Исламбек Абдазов, Муса Аймуратов, Шерзод Мамутов, Зуҳриддин Қодировлар командалық сабля беллесиўлеринде шерек финалда Саудия Арабстаны сайланды командасы спортшыларын жеңип шығып, ярым финальға шықты.
Ярым финалда жигитлеримиз түркиялы сабляшылар менен финал жолламасы ушын гүрес жүргизеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы