Ҳүкимет қарары (451-санлы, 16.08.2022 ж.) менен Шаңарақлық балалар үйлери ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеге муўапық, шаңарақлық балалар үйи район (қала) ҳәкиминиң қарары менен шөлкемлестириледи.

Балаларды шаңарақлық тәрбияға алыў нийетинде болғанлар ҳәкимликке арза береди.

Онда некеден өткен, 35 жастан 60 жасқа шекем пуқаралар cақлап алған ата-ана болыўы мүмкин.

Шаңарқлық тәрбиялаў ушын туўылғанынан баслап 18 жасқа шекемги балалар бериледи.

10 жасқа толған ҳәм оннан жоқары жастағы балаларды шаңарақлық балалар үйине тек ғана олардың келисими менен бериў мүмкин.

Шаңарақлық балалар үйине тәрбиялаў ушын 3 жастан кеминде үшеўи, бирақ көби менен 5 бала бериледи.

Шаңарақлық балалар үйиндеги тәрбиланыўшылардың жасаў қәрежетлери Мәмлекетлик бюджеттен қапланады.

Сақлап алған ата-аналарға ҳәр бир тәрбиланыўшы баланың жасаў қәрежетлери ушын ҳәр айда 7 жасқа шекемги балаларға БЕМның 5 есеси (1,5 миллион сум), 8-18 жастағылар ушын БЕМның 7 есеси (2,1 миллион сум) муғдарында ақша ажыратылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги