Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-август күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сойлести.

Мәмлекетлеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер көрип шығылды, регионаллық бирге ислесиў бойынша пикир алысылды.

Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў, атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Россияның аймақлар ҳәм исбилерменлер дәрежесиндеги тийкарғы кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Усы жылдың жети айында товар алмасыў 30 процентке артқанын атап өтиў керек. Ҳәзирги ўақытта саўда көрсеткишлериниң өсиўи жоқары қосылған қунлы өнимлерди өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў есабынан тәмийинленбекте.

Аймақлар арасында жедел ҳәм нәтийжели алмасыўлар әмелге асырылмақта, усы жылдың гүзинде үшинши Өзбекстан-Россия аймақлар форумын өткериў режелестирилген. Әҳмийетли инвестициялық жойбарлар ҳәм мәдений-гуманитарлық бағдарламалар даўам еттирилмекте.

Сәўбетте Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери, бәринен бурын, әмелий шерикликти анық, сапалы мазмун менен байытыў бойынша биргеликтеги жумысларды даўам еттириў арқалы мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Сондай-ақ, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси додаланды. Мәмлекет басшылары усы жылы сентябрь айында Самарқанд қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитин шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Өзбекстан Президенти ҳәм Россия Президентиниң телефон арқалы сөйлесиўи ҳәр қашанғыдай конструктивлик, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

ӨзА