Шоманай районы ҳәкимлигинде мәжилис өткерилди.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң орынбасары А.Ажимов, «Туранбанк» акционерлик коммерциялық банки Нөкис филиалының басқарыўшысы С.Утемуратов, Шоманай районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Бекбергенов ҳәм райондағы банк, кәрхана, шөлкем басшылары ҳәм ҳәким жәрдемшилери қатнасты.

Мақсет – 2024-жыл 16-декабрь күни Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында банклердиң қатнасында мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматлы етиўге қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде берилген тапсырмаларды әмелге асырыў болып есапланады.

Мәжилисте усы тийкарда райондағы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм Қытайдың 32 тәжирийбесин енгизиў мәселелери додаланды.

Мәжилисте 2025-жыл ушын белгиленген мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңа жумыс орынларын жаратыў, исбилерменликти раўажландырыў, фермерлерди қоллап-қуўатлаў, кәмбағаллықты азайтыў бойынша социаллық бағдарламаларды әмелге асырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелер додаланды.

Қытайдың 32 тәжирийбесин енгизиў бойынша мәселелерге де айрықша итибар қаратылды. Бул тәжирийбелерди үйрениў ҳәм әмелиятқа енгизиў арқалы экономиканы раўажландырыўға ерисиледи. Өндиристи модернизациялаў, аўыл хожалығын раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған.

Мәжилисте қатнасқан барлық қәнигелер өз пикирлерин билдирип, 2025-жылы белгиленген мақсетлерге ерисиў ушын биргеликте ҳәрекет етиўге келисип алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги