Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслиги ойынлары қызғын даўам етпекте.
Онда табыслы қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары өзлериниң медальлар санын 112 ге жеткерип, улыўма командалық есапта Түркия сайланды командасынан соң 2-орынды ийелеп келмекте.
Атап айтқанда, мәмлекетимиз спортшылары 40 алтын, 28 гүмис, 44 қола медальлларына ийе турған болса, 3-орындағы иранлы спортшылар 37 алтын, 31 гүмис, 42 қола медальларына ийе болды. Әзербайжан ҳәм Қазақстан сайланды командасы спортшылары 20 ҳәм 19 алтын медальлар менен 4-5-орынларда киятыр.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы