Европаның көпшилик мәмлекетлери сыяқлы Италияда да футбол бойынша мәмлекет чемпионаты басланды.

 Атап айтқанда, «А» серияның 1-турында Туринниң «Ювентус» клубы «Сассуоло» менен өз-ара ойын өткерди.

Қызықлы өткен ушырасыўдың 26-минутында Анхель ди Мария есапты ашқан болса,  Душан Влахович 43 ҳәм 51-минутларда гол урыўға миясар болды ҳәм ойын 3-0 есабында «Ювентус»тың пайдасына шешилди.

Өзбекстан сайланды командасы сәрдары Элдор Шомуродов қурамында ойнап атырған  «Рома» «Верона» майданына сапар етип, 0-1 есабында жеңиске еристи.

Ал, бул турдың қалған ойынларында «Специя» «Эмполи» 1:0, «Верона» «Наполи» 2:5, «Фиорентина» -«Кремонезе» 3:2, «Лацио»-«Болонья» 2:1, «Монца»-«Торина» 1:2, «Лечче»-«Интер» 1:2, «Сампдория»-«Аталанта» 0:2, «Милан»- «Удинезе» 4:2 есабында жуўмақланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы