Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслиги ойынлары жарыслары Өзбекстан сайланды командасы спортшылары ушын оғада әўметли келди.
Әсиресе, бул жарысларда дзюдошыларымыз, аўыр атлетикашыларымыз, қылышласыў, жүзиў спорты ўәкиллери өзлериниң шеберликлерин көрсетти.
Атап айтқанда, 57 кг салмақта татамиге шыққан қарақалпақстанлы дзюдошы Нилуфар Ермағанбетова ҳәм қылышласыў спорты ўәкиллеринен Зайнаб Дайыбекова, Айсулыў Уснатдиновалардың Өзбекстан сайланды командасы қурамында гүмис медальды жеңип алыўы барлық республикамыз халқын шексиз қуўанышқа бөледи.
Сондай-ақ, кешеги күн жарысларында дзюдо бойынша 73 кг салмақта гүреске түскен Шаҳрам Аҳадов, 66 кг салмақта Сардор Нуриллаев, 52 кг салмақта Диёра Келдиёровалар алтын, 60 кг салмақта Кемран Нуриллаев гүмис, Сита Қадамбаева қола, аўыр атлетикашыларымыз Акбар Жўраев ҳәм Руслан Нуридинновлар алтын медальларды қолға киргизди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы