Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пакистан Ислам Республикасы Президенти Ориф Алвий ҳәм Бас министри Шаҳбоз Шарифке усы мәмлекет ғәрезсизлигиниң 75 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўлар жоллады. Бул ҳаққында Президенттиң баспасөз хаткери Шерзод Асадов хабар берди.

Оларда, соның ишинде, Өзбекстан Пакистан менен стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў қатнасықларының бүгинги дәрежесин оғада қәдирлейтуғыны ҳәм бул бағдардағы үлкен потенциалын буннан былай да әмелге асырыўдан мәпдар екени атап өтилген.

Мәмлекетимиз басшысы дос Пакистан халқына тынышлық-парахатшылық, турақлы раўажланыў ҳәм абаданлық тиледи.

ӨзА