Алдын хабар бергенимиздей, ҳәзирги күнлери Түркияның Конья қаласында Ислам тилеклеслик ойынлары болып өтпекте.
Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары көплеген сыйлы орынларды ийелеп, жарыстың медалларын қолға киргизбекте.
Әлбетте, мине усы спортшылар арасында Қарақалпақстанлы спортшылардың да барлығы республикмыз халқын шексиз қуўанышқа бөлейди.
Бизлер күни кеше усындай спортшыларымыздың бири Ислам тилеклеслиги ойынларының қола медалы ийеси Дилфуза Айымбетова ҳаққында сөз еткен едик. Ал, бүгин болса, Конья қаласында финалға шекем барлық қарсыласларын жеңип шыққан палўан қызымыз Ақтеңге Кеўнимжаева туўралы азы-кем сөз етпекшимиз.
Нөкисли Қазий Мәмбетов ҳәм Зияда Бекмуратовалардың шаңарағында үшинши перзент болып дүньяға келген Ақтеңге кишкене гезлеринен баслап-ақ шаққан ҳәм зейинли болып өсти. Оның ҳәрекетшеңлигин сезген әкеси Қазий палўан бул қызын Республикалық жеке гүрес түрлери бойынша Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебине алып келип, жас тренер Айнура Жапақованың қолына шәкиртликке таярлыққа береди.
-Тәбийғый жаратылыс ҳәм оннан қалаберсе, гүрес усылларын үйрениўге деген умтылыс Ақтеңгениң келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын еди,-дейди палўан қызымыздың тренери Айнура Жапақова.-Ол кишкене ўақытларында-ақ, қалалық ҳәм республикалық жарысларда өз қатарларын жеңип шығып бир қанша жеңислерди қолға киргизди. Соңынан Өзбекстан, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларына қатнасып, жеңимпаз болыўға миясар болды. Әсиресе, быйылғы жылы Қырғыз Республикасында 53 кг салмақта Азия чемпионлығын, күни кеше Түркияда гүмис медалын жеңип алыўы бизлерди үлкен қуўанышқа бөледи.
Алдағы ўақытлары Париж қаласында 2024-жылы өткерилетуғын жазғы Олимпиада ойынларында алтын медалды қолға киргизиўине беккем исенемиз.
Тилекке, қарсы, 62 кг салмақта Набийра Есенбаева ҳәм 72 кг салмақта Светлана Ақназаровалардан бул жарыста әўмет жүз бурды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы