Кеше Эквадордың Гуаякиль қаласында дзюдо бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатына старт берилди.
Онда планетамыздың 63 мәмлекетинен 400 ге шамалас дзюдошылар чемпионат жеңимпазлық ушын кескин гүрес алып бармақта.
Әҳмийетли тәрепи сонда, дәслепки күн беллесиўлеринен соң Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Азизбек Ортиқов 66 кг салмақта финалға шекем жетип барып, гүмис медалын қолға киргизиўге миясар болды.
Финал беллесиўинде Азизбек тәжикстанлы Нуралы Эмомалиге жеңилип қалды.
Сондай-ақ, биринши күн беллесиўлеринде 48 кг салмақта Халимажон Қурбонова, 52 кг салмақта хожелиши Умида Жуманиязова ҳәм 60 кг салмақта Замоҳшари Бекмуродовлар өз шеберликлерин көрсетти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы