Қарақалпақстан Республикасында спорттың еркин гүрес түри жасларымыз арасында ең жақсы раўажланған спорт түрлеринен бири болып есапланады.

Әсиресе, бул спорт Нөкис қаласы ҳәм Хожели районларында кең ен жайып, соңғы ўақытлары бул жаслар арасынан Азия ҳәм жәҳән бириншиликлериниң жеңимпазлары өсип жетилиспекте.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик Педагогикалық институты студенти Дилфуза Айымбетова да усындай келешегинен үлкен үмит күттиретуғын жас палўанларымыздың бири.

Кишкене гезлеринен баслап-ақ еркин гүреске қызыққан ол Нөкис қаласындағы Республикалық жеке гүрес түрлери бойынша балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Айнура Жапақова ҳәм Зайыр Отарбаевлардың қол астында шуғыллана  баслайды. Өзиниң уқыплылығы ҳәм жигерлилиги менен басқалардан айрықшаланып туратуғын бул спортшы оқыўшылық дәўиринде-ақ Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан чемпионатларында жеңиске ерисип, халықаралық жарысларға да қатнаса баслайды.

-Усы жылдың феврал айында Қазақстан Республикасы пайтахты Нур-Султан қаласында ересеклер арасында өткерилген Азия чемпионатында шерек финалға шекем жетип барған еди, -дейди бизге спортшының тренери Айнура Жапақова.-Ал, Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған Ислам тилеклеслиги ойынлары жарысында болса, 59 кг салмақта қатнасып, қола медалын киргизиўге еристи. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз.

Ал, бүгин болса, және еки шәкиртим Азия чемпионы ҳәм жәҳән чемпионатының гүмис медалы ийеси Ақтеңге Кеўнимжаева ҳәм Азия чемпионатының қола медалы жеңимпазы Азада Есбергеновалар гүреске түседи. Мен олардың буннан да жоқары табысларды қолға киргизиўине исенемен.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы