Түркияның Конья қаласында өткерилип атырған V Ислам тилеклеслиги ойынларында Өзбекстан сайланды командасы спортшылары ушын оғада табыслы болды.

Атап айтқанда, кескин өткен жарыслар жуўмағында 12 медальды қолға киргизди.

Әсиресе, олардың арасында Токио Олимпиадасы чемпионы Улуғбек Рашитовтың таэквондо ҳәм Ғуломжон Абдуллаевтың еркин гүрес бойынша қарсыласларын жеңип шығыўы, барлық спорт жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Сондай-ақ, кешеги күнги жарысларда спорт гимнастикасы бойынша сайланды команда ағзалары  Расулжон Абдураҳимов, Абдулла Азимов ҳәм Ҳабибулло Эргашевлар командалық беллесиўлерде гүмис медалын, Абдураҳимов жеке жарысларда қола медалын қолға киргизди.

Пара жүзиў бойынша жарыслардың қаҳарманына айланған Азизбек Бойназаров бул ретки жарысларда гүмис медалын алыўға еристи. Буннан алдын Азизбек Бойназаров V Ислам тилеклеслиги ойынларында 2 алтын, 1 гүмис, 1 қола медалын жеңип алыўға миясар болған еди.

Солай етип, Өзбекстан сайланды командасы бүгинги күнге шекем 5 алтын, 6 гүмис ҳәм 12 қола медальларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 4-орынды ийелеп келмекте.

Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, ҳәзирги ўақытта Түркия сайланды командасы 22 алтын, 18 гүмис, 14 қола медалы менен менен биринши, Иран 8 алтын, 12 гүмис, 7 қола медалы менен екинши, Қазақстан делегациясы 6 алтын, 1 гүмис ҳәм 8 қола медалы менен үшинши орынларды ийелеп тур.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы