Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасында тараў хызметкерлериниң қатнасыўында оқыў-семинар шөлкемлестирилди.
Семинарды шөлкемлестириўден мақсет – мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлеринде әдеп-икрамлылық, этика қағыйдалары ҳәм коррупцияға қарсы ишки ҳүжжетлерге қатаң ҳәм сөзсиз әмел етиўине тийкарланған минез-қулық моделин ҳәм коррупцияға қарсы иммунитетти және оның қәўипли ҳәм зыянлы ақыбетлери ҳаққында түсиниклерин қәлиплестириў болып есапланады.
Онда басқарманың Жеке қәўипсизлик ҳәм Инсан ресурсларын раўажландырыў бөлиминиң баслықлары тәрепинен тараў қәнигелерине «Ҳадаллық вакцинасы» принципи тийкарында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы жумыслар ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдалары ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Семинарда мәмлекетлик салық хызмети уйымларындағы хызметкерлердиң коррупцияға қарсы беккем иммунитетин қәлиплестириў бүгинги күнниң баслы мәселеси екенлиги, соның менен бирге, бул бағдардағы жумысларда өз-ара мәплердиң соқлығысыўы ҳәм әдеп-икрамлылық қағыйдаларына қатаң әмел етиўдиң әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилип, бул бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
«Ҳадаллық вакцинасы» принципи тийкарында, Мәмлекетлик салық комитетиниң усы жыл 15-апрельдеги «Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, комитет жанындағы Кадастр агентлиги, кәрхана ҳәм мәкемелерде мәплер соқлығысыўының алдын алыў, байланыс каналлары арқалы коррупциялық ис-ҳәрекетлер ҳаққында келип түскен хабарларды қабыллаў ҳәм көрип шығыў, әдеп-икрамлылық, этика қағыйдалары ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў саласында оқытыўды шөлкемлестириў бойынша қағыйдаларды тастыйықлаў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығы менен «Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары, комитет жанындағы Кадастр агентлиги, кәрхана ҳәм мәкемелерде мәплер соқлығысыўының алдын алыў бойынша Қағыйда қабыл етилди.
Мәплер соқлығысыўы ҳаққында хабар бериў, мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хызметкерлериниң салық төлеўшилер менен сөйлесиў мәденияты ҳәм басқа да усы мәселелерге байланыслы нызамшылықлар ҳаққында түсиниклер берилди.
Хызметкер ямаса шахс тиккелей бойсыныўына жақын ағайинлери ямаса өзине байланыслы адамларды жумысқа қабыл етилиўинде, өзиниң, жақын ағайинлериниң ямаса өзине байланыслы адамлардың жеке мәпине тийисли жумысларда қарар қабыллаўда қатнасып атырғанда, тексериў, үйрениў өткерилип атырған объект ямаса мәмлекет салық хызмети уйымлары ҳәм комитет жанындағы шөлкемлерде жақын ағайини ямаса өзине байланыслы адамлар ислеп атырғанлығы ҳаққында өзине мәлим болғанында, мәмлекетлик сатып алыўда, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилип атырған субъектлерди таңлаў бойынша өткерилетуғын таңлаўларда жақын ағайинлери ямаса өзине байланыслы адамлар қатнасып атырғанында мәплер соқлығысыўы ҳаққында хабар берилиўи керек. Сондай-ақ, салық хызметлерин көрсететуғын юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң басшысы ямаса шөлкемлестириўшиси жақын ағайинлери, өзине байланыслы адамлар болғанында да усындай хабар берилиўи керек.
Бул жағдай өзине мәлим болған ўақыттан баслап 2 жумыс күни ишинде структура басшысы хабардар етилип, жеке қаўипсизлик бөлимине қағыйданың 1-қосымшасына муўапық формадағы хабарнаманы толтырып усыныўы шәрт. Себеби, коррупциялық жағдайлар көбинесе мәплер соқлығысыўынан да келип шықпақта.
Семинарда пикир-усыныслар билдирилип, қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Усындай семинарлар Нөкис қаласы ҳәм Кегейли районы мәмлекетлик салық инспекциясындағы тараў хызметкерлери менен де өткерилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги