Жумадан жумаға шекем 

Ҳәптелик таллаў

Ҳәпте басында Сыртқы сиясат, саўда, экономика ҳәм транспорт мәселелерине жуўапкер болған министрликлер басшыларының қатнасыўында биринши рет «Өзбекстан – Әзербайжан – Түркия» үш тәреплеме мәжилиси болып өтти.

Глобаллық экономикада өтип атырған жедел ҳәм әдеттегидей емес процесс дәўиринде Баку интакер болған «үшлик» ушырасыўы айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Негизинде бул үш түркий мәмлекет шерикликти ҳәм еки тәреплеме, ҳәм көп тәреплеме түрде даўам еттирмекте. Қалаберсе, әйне бирге ислесиўдиң жаңа түри избе-из раўажланып атырған Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Каспий саммити сыяқлы түрли аўқамласлық аўқамларды толықтырып атырғандай.

Усы жылы март айының ақырында Түркия  Президенти Режеп Таййип Эрдоған, июнь айында Әзербайжан Президенти Илҳом Алиев Ташкентке келген. Ҳәр еки мәмлекет жетекшиси Өзбекстан басшысы Шавкат Мирзиёев пенен сөйлесиўи ўақтында, шамалаўымызша, бул «үшлик» мәселесин келисип алған.

Мәмлекетимиз Баку – Тбилиси – Карс темир жолының транзит потенциалынан пайдаланыўы ушын кең имканият жаратылып атырғаны әҳмийетли екенин үш тәреп те тән алды. Биз де, өз гезегинде, Шығыстың  экономикалық санкциясы себепли бираз қыйын жағдайға түсип атырған Россия имканиятларынан ўақтынша пайдалана алмаўымыз бар гәп.

«Үшлик» мәжилисинде Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан аймағынан өтетуғын жаңа темир жол ҳаққында сөз болды. Бул жойбар әмелге асырылғаннан кейин, Транскавказ коридоры арқалы тек ғана бизлер ушын емес, ҳәттеки, қытайлылар ушын да Европаға жаңа саўда жолының ашылатуғыны сөзсиз.

Сентябрь айында Самарқандта ШБШ саммити болып өтеди. Тәреплер бул сиясий илаж шеңберинде және көрисип алыўға келисти.

Өтип атырған ҳәптеде дүнья жәмийетшилигиниң пүткил итибары АҚШ Конгресси Ўәкиллер палатасының спикери Ненси Пелосиге қаратылды. Азия-Тыныш океаны регионы сапарына шыққан Қурама Штатлардың үшинши жоқары лаўазымлы шахсы бағдарламасында Тайваньға барыў көрсетилмеген еди. Халықаралық басылымлар ҳәм экспертлер оның бул атаўға дәрриў кирип кетиўи үстинде бираз тартысты. АҚШ сыртқы ислер мәкемесиниң басшысы пикир-таласқа қосылып отырмады: «ханым қәлесе, атаўға барады», деди де қойды.

Пекин рәсмий ғәзеп атына минди: «көрсетип қояман», деген қәўипти еки-үш күн ишинде оғада көп қайталады. Ҳәттеки, күтилмегенде атаўдың әтирапында режеленбеген әскерий шынығыў да баслап жиберди.

Ғалаба хабар қураллары Пелоси минген самолёттың қайсы мәмлекет аспаны аймағынан өтип атырғаны ҳаққында, дерлик, анық-анық емес хабарлар тарқатып тур. Кимниңдур болжаўы туўра келип, самолёт жергиликли ўақыт пенен кешки саат онлардан өткенде Тайбейге қонды.

Атаўға 1997-жылы республикашы, Ўәкиллер палатасының жетекшиси Ньют Гингрич келген болса, 25 жыл дегенде гезектеги спикер басшылығындағы делегация қайта келди. Ненси ханым режедеги ушырасыўларын өткерип, 19 сааттан кейин сапарын даўам еттириў ушын Сеулге қарап ушты.

АҚШ бурыннан Тайваньды қоллап-қуўатлап келеди. Рәсмий түрде аймақтың әскерий ислерине араласпайман, дейди де, Вашингтон Тайбейге қурал жарақ сатыўдан тыйылмайды. «Биз «Бир пүтин Қытай» тәрепдарымыз», деп айтыўды да умытпайды.

Қытай атаўды бизлерге тийисли, деп өзине бирлестириў ушын көп ўақыттан берли урынып жүр. Егер тыныш жолға көнбесе, әскерлер араласады, деп те айтты.

Пекин америкалы ўәкилдиң самолёты Тайбейден аспанға көтерилеместен-ақ Тайваньға экономикалық санкция жәриялады. Атаўға жеткерип берилип атырған үш түрли цитрус мийўе тоқтатылды. Еки түрли балық импорты қысқартылды. Әлбетте, бул илаж атаўдың экономикасына айрықша зыян жеткермейди, бирақ Қытайдан қум келиўин қадаған етиў сезилерли тәсир етеди. Буннан тысқары, ҳәр қыйлы қор ҳәм шөлкемлер менен байланысты пүткиллей үзиў талап етилмекте.

Гәптин ашығын айтыў керек болса, жоқары мәртебели сырт ел делегациясы усы ўәлаятқа келиўи ушын пайтахт рәсмийлери менен келисиўи талап етиледи. Пекинниң «Пелосидиң Тайваньға келиўи Қытай ишки ислерине араласыў», деген баянатын сырт ел аналитиклери мақуллады. Яғный, ғәрезсиз болмаған атаўға әмелге асырылған сапарды басқа тилде «провокация», деп атаў да мүмкин, деди.

Атаўдағы сөйлесиўде аналитиклердиң дыққатын тартқан тәрепи Пелоси де, Президент Цай Инвэнь де Тайваньниң ғәрезсизлиги ҳаққында бир аўыз сөз айтпады. «Америка атаўды бәрқулла қоллап-қуўатлайды» тәризинде нәўбетши сөзи менен шегараланды.

Еки жоқары лаўазымлы ханымның сәўбети жуўмағында Тайвань президенти жеке өзи Пелосиге мәмлекеттиң ең жоқары сыйлықларынан – «Бахытлы бултлар» орденин тапсырды.

Тилекке қарсы, көп дәреклерде атап өтиўинше, Шығыстың сиясаты себепли Тайвань ҳәм жер жүзиниң басқа да жерлеринде усы күнлерде жүз берип атырған әскерий әмелиятлар глобаллық урыс ҳәм ядро қырғыны қәўипин арттырмақта. Бул арада сонда да тереңлескен қатнасықларды жақсылаў орнына төменлетиў ушын Тайваньға барыў шәрт емес еди, деп айтатуғын сиясатшылар да табылды.

Вашингтон ҳәм Пекин арасындағы геополитикалық қарым-қатнас дүнья жүзиндеги ең әҳмийетли миллетлераралық конфликт есапланады. Еки ири мәмлекет бәсекилес  көрингени менен, негизинде, бир-бирине душпан, дейди экспертлер. Соның менен бирге, ис қураллы соқлығысыўға жетип бармайтуғыны да айрықша атап өтиледи.

Пелосидиң сөзи менен айтқанда, Тайваньға сапары табыслы өткен. Ол коммунистлик Қытай басшылығын артта қалдырып, Пекинниң Тайваньдағы әмеллерин қаралаған.

Ақ үй ҳәкимшилиги де Пелосиди толық қоллап-қуўатлады. Конгрессте тек ғана демократ-сенаторлар емес, ал 26 республикашы да басшыны қоллап-қуўатлайтуғынын көрсетти. Ўәкиллер палатасы болса 82 жасар демократ спикердиң сиясий карьерасы жуўмақланып атырғанынан қәўетерге түсе баслады.

Россия, Украина ҳәм Түркия тиккелей БМШ жәрдеминде ийгиликли иске бас қосқан еди. Узақ тартысыў ҳәм сөйлесиўден кейин Қара теңизден Украина ушын «бийдай коридоры» ашып берилди. «Razoni» жүк кемеси 1-август күни Одесса портынан шығып, ертеңине Стамбулда Биргеликтеги муўапықластырыўшы орай тексериўинен өткерилип, Ливанның Триполи портына шығарып салынды.

Дәслепки кемеге 26 мың тонна мәкке тийелди. Неге Ливанға, деген ҳақлы сораўға жуўап сол, бул мәмлекеттиң халқы социаллық, экономикалық, финанслық кризисти, азық-аўқат жетиспеўшилигин басынан өткермекте. Қаржы не? Жәҳән банки кешиктирместен дән өнимлери сатып алыў ушын июль айында Ливанға 150 миллион доллар ажыратты.

Үш мәмлекет қол қойған ҳүжжет 120 күн әмелде болады: үш айда тез бузылатуғын азық-аўқат өнимлерин Украинаның Одесса, Черноморск, Қубла ҳәм Николаев портларынан алып шығып кетиўге үлгериў керек.

Усы тәризде Украинаға 23 миллион тонна бийдайды дүнья базарына шығарып сатыў имканияты жаратып берилди. Күтилип атырған дәрамат – 1 миллиард доллар. БМШ бираздан берли бийдай жетиспеўшилиги себепли дүньяда азық-аўқат кризисиниң жүз бериўин ескертип атырған еди. Демек, бул әмелиятты киши жәрдем сыпатында қабыл етиў мүмкин.

Украинаның теңиз портларында мина ҳәм ҳәр қыйлы басқа да қәўиплер себепли қаңтарылып қойылған 15 мәмлекеттиң 70 процентке жақын кемесине жол ашылды.

Итибар берилсе, үш мәмлекеттиң жоқары мәртебели инсанлары бул истиң басында. Әскерлердиң араласыўысыз бул истиң жуўмағына жеткерилиўи нагүман еди, дейди айырым сырт елли экспертлер.

Не болғанда да музлап жатқан «бийдай иси» жүрисип кетти. Ўақтында «Алдын экономика, кейин сиясат», деген гәптиң мәниси шағылғандай.

Түркия жетекшиси азық-аўқат мәселесиниң бир бөлеги шешилгенинен кеўли толғанын жасырмады: Гезек – еки мәмлекетти жарастырыўға! Сондай хош хабарды жақын күнлерде еситиў үмити менен,

Және хабарласқанша, деп қаламан!

Аброр ҒУЛОМОВ,

ӨзАның сиясий шолыўшысы