Ҳәзир Қурама Штатларды басқарып атырған қәбилетсиз адамлар үшинши жер жүзилик урысқа алып келиўи мүмкин, деп билдирди АҚШтың бурынғы Президенти Дональд Трамп.
«Қәбилетсиз адамлар себепли бүгинги барлық ҳәрекетлер бизди үшинши жер жүзилик урысқа жетеклеўи менен жуўмақланыўы мүмкин», делинеди билдириўде.
Трамптың сөзлерине қарағанда, «бул урыс тарыйхтағы ең қорқынышлысы болады, себеби бизде көз көрип, қулақ еситпеген қураллар бар».
Бурынғы Президент «егер мен АҚШты басқарып турғанымда Украина ҳәм Тайвань әтирапындағы ҳәзирги кризистиң алды алынған болар еди», деди.
Оның пикиринше, «ҳәр қандай жағдайда да Қурама Штатларды сырт еллердеги биймәни ҳәм керексиз әскерий ҳәрекеттен тыйыў керек, себеби америкалылар буны қәлемей атыр».
Қарақалпақстан хабар агентлиги