Усы жылдың 1-10-август күнлери 46 ЖООда айрықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлары болып өтеди.

2021-2022-оқыў жылы бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў ушын дөретиўшилик имтиханларды буннан былай да ашық-айдын ҳәм әдил өткериў мақсетинде процесслерди imtihon.edu.uz платформасы арқалы жанлы бақлаў имканияты жаратылды.

Сондай-ақ, биринши мәрте имтихан болатуғын имарат ҳәм майданларда үйрениўлер алып барыў ушын Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги арасында қоспа билдириўге қол қойылды. Бул ҳаққында министрлик хабар берген.

Оған бола Министрлик ҳәм Агентликтиң жуўаплы хызметкерлери тәрепинен процесслердиң ашық-айдын шөлкемлестирилиўи, жанлы эфирге берилиўи толық қадағаланады.

Сиз имтиханда коррупциялық ямаса жанлы эфирге бериў тәртибине әмел етпеў жағдайларына дус келсеңиз министрликтиң телеграмдағы қысқа 1006 Исеним телефоны номери арқалы мүрәжат етиўиңиз соралады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги