Ҳәзирги ўақытта «E-ijara» хызмети физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге көплеген қолайлықлар жаратып, әсиресе, көшпес мүлкти ижараға бериў шәртнамаларын салық уйымларында аралықтан турып дизимнен өткериў имканиятын бермекте. Бүгинги күнге шекем «E-ijara» хызмети арқалы 5 мыңға шамалас ижара шәртнамалары дизимге алынған.

– Бул хызмет әпиўайы ҳәм пайдаланыў ушын оғада қолайлы,-дейди Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасының сектор баслығы М.Мершиева. – Программаға электрон санлы имза гилтиниң жәрдеминде кириў мүмкин.

Салық төлеўшиниң идентифакациялық номери, яғный, физикалық тәреплердиң жеке идентификациялық номери киргизилгеннен соң ижараға беретуғын ҳәм алатуғын мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар автомат түрде қәлиплеседи. Кадастр номери көрсетилгеннен соң, көшпес мүлк объекти ҳаққындағы мағлыўматлар автомат түрде жүкленеди.

Бүгинги күнге шекем, республикамыздағы салық уйымларында юридикалық, юридикалық ҳәм физикалық, физикалық, физикалық ҳәм юридикалық тәреплер арасында, жәми 5 мыңға шамалас ижара шәртнамасы дизимге алынған.

Ҳәзирги ўақытта қалған юридикалық ҳәм физикалық тәреплер менен «E-ijara»  программасы арқалы шәртнама дүзиў мақсетинде мәмлекетлик салық уйымлары хызметкерлери тәрепинен үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги