Президент Шавкат Мирзиёев пайтахтымыздағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңеси мәжилисиниң илажларына қатнасып атырған ШБШға ағза мәмлекетлер делегацияларының басшыларын қабыл етти.

Ушырасыўға Ҳиндстан сыртқы ислер министри Субраманьям Жайшанкар, Қазақстан Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мухтар Тлеуберди, Қытай Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, сыртқы ислер министри Ван И, Қырғызстан сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаев, Пакистан сыртқы ислер министри Билавал Бхутто Зардарий, Россия сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Тәжикстан сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳиддин, сондай-ақ, ШБШ бас хаткери Чжан Мин И ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Руслан Мирзаев қатнасты.

Көп тәреплеме  бирге ислесиўдиң әҳмийетли ўазыйпалары ҳәм ШБШны буннан былай да раўажландырыўдың перспективалары додаланды. Өзбекстанның бирлеспеге басшылығы даўамында өткен дәўирде биргеликте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери және усы жылдың сентябрь айында Самарқандта өтетуғын саммиттиң күн тәртибине айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги