Ҳәзирги ўақытта республикамыздың оқыўшылары ушын Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы жаңадан шөлкемлестирилген қәнигелестирилген мектеплерге тест сынақлары болып өтпекте.

Тест сынақлары Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери Нөкис жоқары шеберлик мектеби және Нөкис олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжиниң имаратларында күниге үш гезекте болып өтпекте. 5-класслар ушын тест сынақлары 25-июль күни басланған болса,  26-июль күни 8-классларға, 27-июль күни 7-классларға, 28-июль күни 6-классларға, 29-июль күни 9 ҳәм 11-классларға, 30-июль күни 10-классларға болып өтеди.

Қәнигелердиң атап өткениндей, тест сынақларында 20 мыңнан аслам оқыўшының қатнасыўы күтилмекте. Оқыўшыларға тест сынақлары ушын 120 минут ўақыт бериледи. Олар ушын орынларда барлық шараят жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги