Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы «Ҳүкимет саатында» Әдиллик министри Русланбек Давлетов Қаржы министрлиги менен биргеликте жасқа байланыслы пенсияны мүрәжатсыз тайынлаў системасы жаратылып атырғанын мәлим етти.

Яғный пуқара узақ жыллар мийнет етип, пенсия жасына жеткенде мәмлекет автомат түрде пенсия тайынлаўы керек. Пуқараның өзи арза берип, бир дүнья ҳүжжет топлап, ҳақ екенин дәлиллеймен, деп сергиздан болмаўы керек.

Бул система шама менен бир жыл ишинде иске түседи.

Сондай-ақ, Давлетов өз сөзинде некени дизимге алыў ўәкиллигин тек ғана ПҲАЖ емес, ал нотариусларға да бериў режелестирилип атырғанын мәлим етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги