Мәмлекетлик статистика басқармасының мағлыўматларына қарағанда, 2021-2022-оқыў жылы басында республикамыздағы улыўма билимлендириў орынларында жәми 510 046 муғаллим жумыс ислемекте.
Олардың 53,1 проценти аўыллық мектеплерде ҳәм 46,9 проценти қалалық мектеплерде ислемекте.
Улыўма билимлендириў орынларында жумыс ислеп атырған жәми муғаллимлердиң:
– орта арнаўлы мағлыўматлылары – 9,9 процент
– жоқары мағлыўматлылары – 90,1 процентти қурайды.
Республикамызда улыўма билимлендириў орынларында бир муғаллимге орташа 12 оқыўшы туўра келетуғынын атап өтиў керек.
Фатима Реймбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 3-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги