2022-жыл 1-июльдан баслап республикалық жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў ушын ҳүжжетлерди онлайн дизимге алыў процеси басланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.
2022-2023-оқыў жылы ушын мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси министрликтиң рәсмий http://magistr.edu.uz веб-сайты арқалы усы жылдың 30-июль күнине шекем (сол күни де) даўам етеди.
Министрликтиң еслетип өтиўинше, 2022-2023-оқыў жылынан баслап магистратураға қабыллаў абитуриенттиң бакалавриат диплом балының орташа көрсеткиши ҳәм шет тилин билиў дәрежеси бойынша тийисли миллий ямаса халықаралық сертификат балы тийкарында, баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда әмелге асырылады. Қосымша имтихан өткерилмейди.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, магистратура қәнигеликлери ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў қәнигеликлерине таңлаўларда миллий ямаса оған сәйкес дәрежедеги халықаралық сертификатқа ийе адамлар қатнасыўы мүмкин болады.
Министрлик магистратура ҳәм докторантураға ҳүжжет тапсырыўда талап етилетуғын шет тиллерин билиў дәрежесин баҳалайтуғын миллий ҳәм халықаралық тән алынған сертификатлар дизимин жәриялады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.