Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги қайта тиклениўши энергия дәреклери жойбарларын ислеп шығыўда тек электр станцияларын қурыў ушын усынылып атырған объектлерде ғана емес, ал, оның әтирапындағы 50 километр радиустағы экологиялық жағдайды үйрениў ҳәм мониторинг етиўге айрықша әҳмийет қаратпақта.

Бул жумыслар министрликтиң қәнигелери тәрепинен бир қатар мәсләҳәтшилер, экологлар ҳәм экспертлер менен биргеликте алып барылмақта. Электр станциясын қоршап турған барлық биологиялық көп түрлилик, қумырысқадан баслап жейран ҳәм бүркитке шекем, сондай-ақ, жақын әтираптағы өсимликлер ҳәм жер асты суўлары туўралы мағлыўматлар жыйналады.

Мәселен, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) жәрдеминде Қарақалпақстан Республикасында қуўатлылығы 200 МВтға жақын болған самал электр станциясын (СЭС) қурыў жойбары бойынша мине усындай жумыслар әмелге асырылды. Изертлеўлер барысында жойбар әтирапындағы аймақта бүркитлер, кекликлер, қырғыйлар, торғайлар ҳәм шымшықлардың сийрек ушырасатуғын түрлери, тырна ҳәм көк ғарғалар, түлки ҳәм жейранлар табылды.

Бақлаўлардың нәтийжесине қарай, халықаралық көлемде тән алынған экспертлер тәрепинен экология ҳәм биокөптүрлиликти сақлаў бойынша барлық халықаралық норма ҳәм стандартларға сай келетуғын есабат таярланды. Өткерилген бақлаўлар қуслар ҳәм сүт емизиўшилердиң ҳәрекетлерин таллаў мүмкин болған минимал қәўиплерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыў режесин таярлаў имканиятын береди.

Оларды үйрениў ҳәм есабат таярлаў процесине қоршаған орталықты қорғаў ҳәм биология тараўында елимиздеги белгили қәнигелер тартылды. Олардың арасында биология илимлериниң докторы, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының  профессоры ўазыйпасын атқарыўшы Якуб Әметов, Төменги Әмиўдәрья мәмлекетлик биосфера резерваты директорының илимий ислер бойынша орынбасары Ақылбек Төреевлар да бар.

Усы есабат ҳәм таярлықларсыз санаат көлеминдеги ири самал электр станциясын қурыў мүмкин емеслигин атап өткен орынлы. Сонлықтанда, Өзбекстан Республикасы Энергетика министрлиги тәрепинен Жәҳән банки, халықаралық қаржы корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки сыяқлы абырайлы халықаралық раўажланыў институтлары жәрдеминде қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарларын әмелге асырыў, соның ишинде, олардың экологиялық экспертизасын өткериў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы