“Мийнетсиз табыс көз шығарады”,-дейди дана халқымыз. Көпшилик бул сөздиӊ мағанасын толық аӊлағаны менен, айырым адамлар буған итибар бере бермейди. Лекин, мәмлекетимизде ҳәр бир исленген нызамсыз ҳәрекетлер ушын тийисли жаза белгиленген.

Жақында жынаят ислери бойынша Елликқала районлық суды тәрепинен усындай жеӊил мийнет пенен дәрамат табыўды ойлаған жуўапкер адамлардыӊ нызамсыз ислери бойынша суд мәжилиси болып, оларға белгиленген нызам тийкарында жаза тайынланды.

Атап айтатуғын болсақ, Төрткүл районлық санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими баслығы  болып ислеген А.Я. ҳәм усы бөлимниӊ бас есапшысы У. А. лар өзлериниӊ  жуўапкерли лаўазымларынан пайдалана отырып, өз-ара тил бириктирип, бөлимде 1 ай ғана дезинфектор болып ўақытша ислеген З.Алимовтыӊ атына ашылған ҳәм У.А. ныӊ еркинде болған банк пластик картасына 2020-жылдыӊ декабрь айынан 2021-жылдыӊ июль айына шекем 7 ай даўамында жәми 66 млн 302 мыӊ 969 сум муғдарында жасалма мағлыўматлар тийкарында мийнет ҳақы есаплап өткерген ҳәм бюджет қаржыларын растрата жолы менен талан-атараж еткен.

Буннан тысқары, А. Я. өзиниӊ бул ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, У.А. менен және де тил бириктирип, өзлерине материаллық пайда көриў мақсетинде 2020-жылдыӊ январ айынан 2021-жылдыӊ декабрь айына шекем бас есапшы У.А. ныӊ мийнет ҳақысын тийкарсыз түрде көбейтип ҳәм қосымша төлемлерди қосып есаплап, жасалма мағлыўматлар дүзген ҳәм “УзАСБО” электрон бухгалтериялық бағдарламасына киргизген. Нәтийжеде У.А. ныӊ банк пластик картасына пул өткериў жеӊилликлерин беретуғын жасалма мағлыўматларды киргизип, мәмлекет мәплерине әдеўир зыян келтирген.

Сондай-ақ, судланыўшылар бас есапшы У.А. ныӊ банк пластик картасына 2020-жылдыӊ январынан 2021-жылдыӊ декабрине шекем 22 ай даўамында жәми 55.365.863 сум муғдарында жасалма мағлыўматлар тийкарында мийнет ҳақысын көбейтип ҳәм қосымша төлемлерди қосып есаплап 55.365.863 сум муғдарындағы қаржыны өзлестириў ҳәм растрата жолы менен талан-тараж еткен.

Соныӊ менен бирге, бөлим баслығы А.Я. ҳәм бас есапшы У, А. лар өзлериниӊ хызмет лаўазымларынан пайдаланған ҳалда, материаллық мәп көриў мақсетинде 2020-жылдыӊ январынан 2021-жылдыӊ декабрине шекем бөлимниӊ кадрлар бойынша инспекторы ҳәм материаллық есапшысы болып ислеген. К.К. ныӊ мийнет ҳақысын көбейтип ҳәм қосымша төлемлерди тийкарсыз түрде қосып есаплап, бул жасалама мағлыўматларды “УзАСБО” бағдарламасына киргизип, мәмлекет мәпине әдеўир муғдарда зыян келтирген.

“Дәмиккеннен қуныққан жаман” дегениндей бизлер сөз етип отырған бул жуўапкер шахслар жоқарыдағы нызамсыз ҳәрекетлери менен шекленип қалмастан, өзлериниӊ хызмет ўазыйпаларынан пайдаланып, 2020-жылдыӊ февралынан 2022-жылдыӊ январ айына шекемги аралықта бас есапшы У. А. , материаллық есапшы К.К., бөлимде ислемейтуғын пуқара З.А., хожалық ислери меӊгериўшиси А.А. лаборант Р.Г. ҳәм бөлим баслығы А.Я. лардыӊ хызмет сапарында болғанлығы ҳаққындағы жасалама мағлыўматлар дүзип, “УзАСБО” бухгалтерия бағдарламасына киргизген. Нәтийжеде олардыӊ банк пластик карталарын ақша өткериў ўәкиллигин беретуғын жасалма мағлыўматлар тийкарында мәмлекет мәпине зыян келтирген.

Буннан тысқары бул лаўазымлы шахслар усы дәўир аралықларында бир неше мәрте нызамсыз ҳәрекетлер ислеген.

Өткерилген суд мәжилисинде бөлим баслығы ҳәм бас есапшысы өзлерине қойылған айыплаўларды толық тән алатуғынлығын, ислеген исинен пушайман екенлигин ҳәм судтан жеӊилирек жаза тайынлаў бойынша кеширим сорады.

Бирақ, нызам алдында ҳәмме теӊ. Сонлықтан өткерилген суд мәжилисинде жуўапкерлерге белгиленген нызам тийкарында жаза тайынланып, Өзбекстан Республикасы атынан суд ҳүкими оқылды.

О. Мауленов,

Жынаят ислери бойынша Елликқала районлық судыныӊ баслығы.

Адилбай Оразов,

журналист.

Қарақалпақстан хабар агентлиги