23-26-июнь күнлери Тайландтыӊ Паттайя қаласында көркем гимнастика бойынша Азия чемпионаты болып өтти.

Оған 15 мәмлекеттен күшли спортшылар қатнасып, Азия чемпионлығы ҳәм 2024-жылы Парижде өткерилетуғын Олимпиада ойынларына лицензия ушын өз-ара гүрес алып барды.

Онда Өзбекстан сайланды командасы ағзалары улыўма командалық есапта 1-орынды ийелеўге миясар болды. Қуўанышлы тәрепи сонда сайланды команда қурамында Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы студентлери Шахзада Ибрагимова ҳәм Наргиза Джуманиязовалар да қатнасып, командалық беллесиўлерде алтын медалды қолға киргизди.

Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, Азия чемпионлығына ерискен гимнастикашыларды Нигора Палванова, Ирини Кудряшова ҳəм Гүлбәҳәр Бабажановалар таярлады.

Нөкис халықаралық аэропортында жеӊипмпаз қызларымыз Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министри Р.Казаков ҳәм кеӊ жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен күтип алынып, оларға өзлериниӊ жыллы тилеклерин айтты.

Мурат Тилеўбаев,

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы Баспасөз хаткери.

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги