Ҳәзирги ўақытта жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты арқалы онлайн әмелге асырылмақта.
Онда майыплығы болған абитуриентлердиң майыплық бойынша мағлыўматлары Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясының базасы – «ММЭК» (медициналық мийнет экспертиза комиссиясы) бағдарламасынан реал ўақыт режиминде алынбақта.
Бирақ айырым майыплығы болған абитуриентлердиң мағлыўматлары «ММЭК» бағдарламасынан реал ўақыт режиминде келмей атырғаны себепли my.dtm.uz сайтында майыплығы бойынша жеңиллик мағлыўматларын киргизиў имканияты жаратылды. Бул ҳаққында МТО хабар берди.
«Егер Сизлердиң майыплық бойынша мағлыўматларыңыз «Мениң жеңилликлерим» бөлиминде шықпай атырған болса, «Майыплық ҳаққында мағлыўмат» бөлимине кирип, өз майыплық мағлыўматларыңызды киргизиўиңиз мүмкин.
Егер Сизде көзи әззи категориясындағы майыплық бар болса, майыплық мағлыўматларын киргизиў менен бирге «Көзи әззи» белгисин белгилеўди умытпаң», – делинеди хабарда.
Киргизилген мағлыўматлар Республикалық медициналық-социаллық экспертиза инспекциясына жибериледи ҳәм мағлыўматлар тастыйықланған абитуриентлердиң жеңиллиги есапқа алынады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги