2022-2023-оқыў жылы ушын мақсетли қабыллаў параметрлери ҳәм қабыллаў параметрлериниң тиллер кесиминдеги бөлистирилиўи Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайтына жайластырылды. Бул ҳаққында орайдың мәлимлеме хызмети хабар берди.
Буннан былай абитуриентлер my.dtm.uz сайтының «Жоқары оқыў орынларының бакалавриатына қабыллаў» бөлими арқалы пәнлер комплекси ҳәм избе-излиги бирдей болған бесеўге шекемги бакалавриат тәлим бағдарын сайлаўы мүмкин.
Еслетип өтемиз, абитуриентлерди дизимге алыў усы жылдың 20-июлына шекем (20-июль күни де) даўам етеди. Шет тилинен кәсиплик (дөретиўшилик) имтихан өткерилетуғын бакалавриат тәлим бағдарларына дизимге алыў болса 10-июльға шекем (10-июль күни де) әмелге асырылады.
Усы ўақыт аралығында абитуриентлер өз мағлыўматларын өзгертиўи ҳәм шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болатуғын болса, сертификат мағлыўматларын системаға киргизиўи мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.