Ҳүрметли ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери!

Қәдирли дослар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, тараўдың раўажланыўына бүгин де мүнәсип үлес қосып киятырған ҳүрметли ветеранларды Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни байрамы менен шын кеўилден қутлықлап, барлығыңызға өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Биз ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тымсалында өзиниң терең билим ҳәм тәжирийбеси, бийбаҳа талант ҳәм шеберлигин халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў, адамлардың ақыл-ойын жоқарылатыў, жәмийетимизде ашықлық орталығын беккемлеў, глобал мәлимлеме мәканында миллий мәплеримизди қорғаўдай уллы ислерге бағышлаған жанкүйер ҳәм мийнеткеш инсанларды көремиз.

Жанажан Өзбекстанымыз өз раўажланыўының жаңа ҳәм әҳмийетли басқышына қәдем қойып атырған ҳәзирги дәўирде медиа тараўының ўәкиллери – журналист ҳәм редакторлар, режиссёр ҳәм операторлар, блогерлер, теле-радио каналлар, газета ҳәм журналлар, редакция ҳәм баспахана хызметкерлери Ўатанымыздың демократиялық келбетин қәлиплестириў, оны дүньяға ен жайдырыўға шексиз үлес қосып киятырғанын ел-халқымыз жақсы биледи ҳәм жоқары қәдирлейди.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Кейинги жыллары мәмлекетимизде ғалаба хабар қуралларын халық пенен қарым-қатнастың исенимли көпирине айландырыў, заманагөй мәлимлеме хызметлери базарын, саламат бәсекини раўажландырыў, медиа тармақларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, устаз-шәкирт дәстүрлерин күшейтиў, тараў хызметкерлериниң машақатлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мине, усындай, жоқары итибар себепли елимизде ғалаба хабар қуралларының саны 2016-жылға салыстырғанда дерлик 30 процентке артып, 1962 ге жеткени дыққатқа ылайық. Әсиресе, жеке меншик медиа қураллары турмысымыздан кең орын ийелеп баратырғаны жәмийетимизде пикирлердиң ҳәр қыйлылығын тәмийинлеўде, түпкиликли реформаларды әмелге асырыўда, орынларда жол қойылып атырған кемшиликлер менен машқалаларды исенимли көтерип шығыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Бул ҳаққында сөз болғанда, телевидение ҳәм Интернет тармағын интеграциялаў мақсетинде заманагөй интернет платформасы ҳәм оның мобиль қосымшасының шөлкемлескени, миллий мәлимлеме мәканымызда интернет баспаларының саны кейинги 6 жылда дерлик еки есеге көбейип, 677 ге жеткенин айрықша атап өтиў зәрүр.

Нәтийжеде мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң мәлимлеме дәреклери және де артып, халық пенен тиккелей тиккелей қарым-қатнас жасаў, адамларды ойландырып атырған машқалаларға жеделлик пенен мүнәсибет билдириў, ҳәр қыйлы темаларда ашық-айдын, әдил ҳәм сын көзқарастан пикир билдириўде үлкен имканиятлар пайда болмақта.

Мәлимлеме тараўында муғдар көрсеткишлерин сапа көрсеткишлерине айландырыў, миллий журналистикамыздың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығыў – алдымызда турған әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады.

Өзбекстан медиа компаниялары да жәҳән мәлимлеме майданында мүнәсип орын ийелеп, глобал сиясий-жәмийетлик процесслерде белсене қатнасыўға умтылмақта.

Оның ушын тынымсыз мийнет етиў, алдыңғы сырт ел тәжирийбелери, заманагөй мәлимлеме технологиялары, ҳәр қыйлы таллаў усылларын өзлестирип, турақлы изленип жасаў, миллий журналистикамыздың жаңа әўладын тәрбиялаў зәрүр.

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында өз көринисин тапқан бундай жоқары шеклерге ерисиў ушын бизде барлық ресурс ҳәм потенциал бар.

Пуқараларымыз ушын мәлимлеме тараўында қолайлы имканиятлар жаратыў, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўда ғалаба хабар қуралларының роли ҳәм тәсирин күшейтиў – және бир тийкарғы ўазыйпамыз.

Соны атап өтиў зәрүр, тараўдың материаллық-техникалық базасын жақсылаў, хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеўге буннан былай да турақлы итибар қаратамыз.

Ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў ҳәм журналистика тараўын раўажландырыў бойынша күни кеше қабыл етилген Президент қарары бул бойынша әҳмийетли қәдем болды. Оған бола, ғалаба хабар қуралларының нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў, кадрлар потенциалын ҳәм бәсекиге шыдамлылығын және де арттырыў, жәрдемге мүтәж ҳәм жас журналистлерди турақ жай менен тәмийинлеў бойынша зәрүр илажлар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, усы жылы Қарақалпақстан Республикасы, барлық ўәлаят орайлары ҳәм Ташкент қаласында Баспасөз үйлериниң жағдайы сын көзқарастан үйренип шығылып, жаңа имаратлар қурыў бойынша зәрүр илажлар көриледи.

Ҳәммемизге белгили, дүньяда тән алынған демократиялық нормаларға бола, баспасөз еркинлиги – барлық пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар арасында айрықша әҳмийетке ийе. Әлбетте, бул тараўда жетискенликлер менен бирге еле машқалаларымыз да жоқ емес.

Кейинги ўақытта социаллық тармақлар арқалы айырым орынларда ғалаба хабар қуралы хызметкерлерине менсинбей қараў, олардың өз ўәкиллиги шеңберинде еркин жумыс алып барыўына тосқынлық етиў жағдайларының ушырасып атырғаны ҳаққында хабарлар тарқалып атырғаны да бул пикирди тастыйықлайды.

Сол мүнәсибет пенен және бир мәрте атап өтпекшименҮ биз қурып атырған ҳуқықый демократиялық мәмлекетте сөз ҳәм баспасөз еркинлиги бәрқулла Бас нызамымыз ҳәм Президент қорғаўында болады.

Ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң өз жумысын нызам шеңберинде еркин әмелге асырыўына тосқынлық етиў – бул демократиялық реформаларымызға қарсы ҳәрекет, мәмлекетимиздиң абырайына зыян жеткериў сыпатында баҳаланыўы керек. Суд ҳәм прокуратура уйымлары бизге улыўма жараспайтуғын бундай унамсыз жағдайлар бойынша қатаң илажлар көриўи зәрүр.

Бир ҳақыйқатты ҳеш қашан естен шығармаўымыз керек: барлығымыз демократия деп аталған уллы мектептиң оқыўшыларымыз. Бул бойынша еле көп затларды үйрениўимиз зәрүр. Перзентлеримизди мине, усы руўхта тәрбиялаўда журналистика тараўы ўәкиллери, ҳүрметли ветеранларымыз өзлериниң бай тәжирийбеси ҳәм ибратлы пазыйлетлери менен айрықша үлги көрсетеди деп, исенемен.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Бүгинги байрам мүнсибети менен тараў пидайыларынан бир топары мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланғаны, сөзсиз, барлық дөретиўшилерди жаңадан-жаңа шеклерге илҳамландырып, оларға үлкен күш-ғайрат бағышлайды.

Пурсаттан пайдаланып, сиз, әзиз дөретиўши халқын қутлы байрамыңыз бенен және бир мәрте шын кеўлимнен қызғын қутлықлап, ҳәммемиңизге саў-саламатлық, дөретиўшилик жумысыңызда үлкен жетискенликлер, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, бахыт-ығбал ҳәм қут-берекет тилеймен.

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти