Бүгин, 20-июньнан баслап 2022-2023-оқыў жылы ушын академиялық лицейлерге улыўма билим бериў мектеплериниң 9-класс оқыўшыларынан ҳүжжетлерди litsey.edu.uz порталы арқалы онлайн тәризде қабыллаў процесслери басланды. Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

Абитуриентлер дизимнен өтиў процесинде системаға жеке мағлыўматларын киргизиў менен бирге төмендеги ҳүжжетлерди электрон формада (PDF, JPEG) жүклеўи керек:

– быйылғы жылы 9-классты питкергени ҳаққындағы аттестат;

– 3,5 х 4,5 см өлшемдеги 1 дана реңли фотосүўрет;

– оқыўға жеңилликли кириў ҳуқықын беретуғын ҳүжжетлер – пән олимпиадасы, таңлаўлар, жарыс жеңимпазы екенлигин тастыйықлайтуғын диплом, сертификат, гүўалық, сондай-ақ, шет тили ҳәм улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий ямаса халықаралық сертификат (егер болса).

Абитуриентлер дизимнен өтиўде:

– өзлери сайлаған онға шекемги академиялық лицейдиң биреўден сәйкес бағдарын сайлаўы (бунда билимлендириў тили бирдей болыўы керек);

– қайсы шет тилинен кириў тест сынағын тапсырыўын белгилейди.

Сондай-ақ, абитуриент өзи сайлаған аймақта (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайы ямаса Ташкент қаласында) шөлкемлестирилетуғын кириў тест сынақларында қатнасады.

Қабыллаў процесслери менен байланыслы қосымша мағлыўматларды академиялық лицейлерде шөлкемлестирилген «Мәсләҳәт орайлары»ның телефон номерлери арқалы билип алыўыңыз мүмкин.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети жанындағы академиялық лицей ушын ҳүжжетлер litsey.dtm.uz сайты арқалы қабылланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.