2022-2023-оқыў жылы ушын улыўма билим бериў мектеплерине 1-классқа онлайн қабыллаў ушын дизимге алыў ҳәм арза тапсырыў процеси басланды. Бул ҳаққында ӨзР Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.

Мәлим болыўынша, қабыллаў ушын арзаларды my.maktab.uz электрон платформасы арқалы тапсырыў мүмкин.

Министрликтиң қосымша етиўинше, бул хызмет тек ғана Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың орайларындағы улыўма билим бериў мектеплери ушын енгизилген.

Қабыллаў процесслери менен байланыслы қосымша мағлыўматларды @mymaktab_uz Телеграм канады ямаса +99871 203-07-04 телефон номери арқалы алыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.