Республикамыз пайтахтының Төрткүл гүзары бойында жайласқан Қарақалпақ мәмлекетлик Даңқ музейи сапластырылмақта.

1987-жылдан жумыс баслаған музей Екинши жер жүзилик урыс жылларында ҳәм оннан кейинги дәўирде халық хожалығының барлық тараўларында пидайы хызмет еткен мийнет ветеранларының, белгили мәмлекетлик искерлердиң өмири ҳәм мийнет жолын сәўлелендириўши көргизбе менен ашылған еди. Кейин ала Аўған жеринде әдиўли ўазыйпасын өтеген әскерлердиң, Чернобыль апатшылығына қатнасқан ўатанласларымыздың ерликлерин сәўлелендириўши  материаллар менен толықтырылды. Музей қорында ғәрезсизлик жылларында республика алдынғыларының, Өзбекстан қаҳарманларының, Зульфия атындағы ҳәм Ниҳол мәмлекетлик сыйлықларына мияссар болғанлардың, спорт жарыслары жеңимпазларының, алдынғы фермерлер менен исбилерменлердиң жетискенликлерин, республикамыз турмысын сәўлелендириўши фотосүўретлер, ҳүжжетлер, картиналар, бюстлер, скульптуралар ҳәм басқа да материаллар жылдан-жылға көбейип барды. Әсиресе, 2012-жылы музей хызметкерлери 3 мыңнан зыят экспонатлар жыйнады.

Музейдиң сапластырылыўына байланыслы оның қорындағы 20 мың 882 экспонатты қаяққа жайластырыў мәселелеси шешилмей атыр.

Қорда жүдә қымбат баҳалы мийраслар бар болып, XVI әcирге тийисли түркмен халқының мойынға тағатуғын тағыншақлары – бир дана сырға, билезик, маржанлы мойыншақ солардан бири. Олар экспертлер тәрепинен 16 миллион АҚШ доллары муғдарында баҳаланған. Буннан тысқары, XVII әсирге тийисли алтын әребек, өнермент Саятхан Айтимованың тоқыған сәўкелеси, Қарақалпақстанның мәмлекетлик белгиси – гербтиң ең дәслепки сызылған үлгилери сақланбақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.