Нарымбетов Ахмед Караматдинович Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында ҚР Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, бүгин, 14-июнь күни Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Б.Саидов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов ҳәм Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияровлар қатнасқан жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымына тайынланған А.Нарымбетов тараў ўәкиллерине таныстырылды.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Ахмед Нарымбетов усы күнге шекем  республикалық 6-санлы сколиоз балалар ушын қәнигелестирилген мәмлекетлик мектеп-интернатының директоры болып ислеген.

Еслетип өтемиз, 2020-жылдың декабрь айынан усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымында Реймов Рустем Мамбеткаримович жумыс алып барды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.