Мойнақ районында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы тәрепинен Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген «Ралли Мойнақ-2022» жарысына старт берилди.

Жарыстың ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Орайлық Кеңесиниң баслығы Х.Ботиров, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев, Мойнақ районының ҳәкими Б.Меңлибеков шығып сөйлеп, жыйналғанларды жарыстың ашылыўы менен қутлықлады ҳәм қатнасыўшыларға әўмет тиледи.

Атап өтилгениндей, жарысты өткериўден тийкарғы мақсет, аймақта туризмди раўажландырыў ҳәм туристлердиң ағымын көбейтиў, спорт ҳәм фестивальлар туризмин раўажландырыў, сондай-ақ, жас әўладты техникалық ҳәм әмелий спорт түрлерине тартыўдан ибарат. Соның менен бирге, раллиди шөлкемлестириў арқалы районда туризм тараўында жумыс алып барыўшы кәрханаларды  ҳәм хызмет көрсетиў тараўын қоллап-қуўатлаў болып табылады.

«Ралли Мойнақ-2022» автомотоспорт жарысларына Ташкент қаласынан, барлық ўәлаятлардан ҳәм республикамыздың қала ҳәм районларынан 132 автомото шеберлери қатнаспақта. Олар двигатель көлеми 1600 см3 ге шекемги «А-8» автомобиль класы, двигатель көлеми 2000 см3 ге шекемги «А-9» автомобиль класы, двигатель көлеми 2000 см3 ге шекемги «Багги», двигатель көлеми 125 см3 ге ҳәм 500 см3 ге шекемги мотоцикльлер жөнелислеринде күш сынаспақта.

-Жарыста екинши мәрте қатнасып атырмыз,-дейди «Ватанпарвар» шөлкеми Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң ўәкили Феруз Жумаев, -Өткен жылы Баггилер жарысында қатнасып, екинши орынлы ийеледик. Быйылғы жылы басқа жөнелисте қатнасып, буннан да жоқары орынды алыўға ҳәрекет етемиз.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өткениндей, 3-4-июнь күнлери «А-8» ҳәм «А-9» автомобиль класслары бойынша жарысларда спортшылар Мойнақ районы орайы-Арал теңизиниң ҳәзирги жағысына шекемги 415 километр аралықтағы трассаны басып өтеди. Мотоцикль ҳәм багги жөнелислериндеги жарыслар район орайының өзинде кросс көринисинде шөлкемлестириледи.

Барлық жөнелислер бойынша жеңимпазлар усы жыл 5-июнь күни анықланады.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери