Ташкентте Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия  топарының 36-жалпы мәжилиси болып өтти. Әнжуманға структураға ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер және бирге ислесиўши шөлкемлер –  БМШ, Финанслық илажларды ислеп шығыў бойынша ФАТФ топары, ЕҚБШ, ШБШ, МАНИВЭЛ, Жәҳән банки ўәкиллери қатнасты.

Илажда бул тараўға байланыслы миллий системаны үйрениў ҳәм баҳалаў бойынша 2020-2022-жылларда алып барылған жумыслар ҳаққындағы есабаты тастыйықланды. Бул ҳүжжет Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топары ҳәм бир қатар шөлкемлердиң экспертлери тәрепинен таярланған.

Мәжилис даўамында республикамыздың усы бағдар бойынша халықаралық рейтинглердеги индекс көрсеткишлерин жақсылаўға, системаны жетилистириўге жәрдем беретуғын тийисли усыныслар берилди. Қатнасыўшылар жоқарыдағы машқалаларды сапластырыў бойынша елимизде ислеп шығылған механизмге айрықша тоқтап өтти.

– Өзбекстан бул бағдарда сезилерли жетискенликлерге еристи, – деди Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топарының баслығы, Россия Федерациясы Финанслық мониторинг федерал хызметиниң директоры Юрий Чиханчин. – Атап айтқанда, республикада нызамшылық базасы өзгертилди, ҳуқық қорғаў уйымлары, банк ҳәм банк емес сектор ўәкиллери менен бирге ислесиў байланыслары орнатылды. Бул алып барылып атырған реформаларға унамлы тәсир етпекте. Усы бағдардағы миллий системаға үлес қосыў мәмлекет басшысы тәрепинен белгиленген барлық мәселелерди шешиўге жәрдемлеседи, деп ойлайман. Бул процессте топарға ағза мәмлекетлердиң бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте гүресиў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтпекшимен.

Әнжуман шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти ҳәм Иран Ислам Республикасы Финанслық резведка хызмети арасында өз-ара аңласыў меморандумына қол қойыўдың перспективасы да додаланды.

– Өзбекстанда жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша нәтийжели система ислеп шығылған, – дейди Қазақстан Республикасы Финанслық мониторинг агентлигиниң баслығы Жаннат Элиманов. – Биз тараўға байланыслы жүзеге келген қәўипти баҳалаў, жасырын операцияларды анықлаў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин үйренип, арттырылған тәжирийбени республикамызда қолланбақтамыз.

Мәжилис жуўмағында Жынайый дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға қарсы гүресиў бойынша Евроазия топарының 37-жалпы мәжилисин Тәжикстанда өткериў бойынша келисимге ерисилди.

Гулруҳ АБДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы